Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты тәрепинен бир қатар илимий жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, топырақ, жер асты суўлары, техникалық пайдалы өсимликлер, биожанылғы, айырым өсимликлердиң шор топыраққа бейимлесиўи, артемия цисталарынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқа да бағдарларда илимий жумыслар алып барылмақта.

Бизге Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының бул бағдардағы жумыслары туўралы усы институт директорының орынбасары Ҳәкимбай Атаджанов төмендегише мағлыўматлар берди.

– 2024-жылы илимий-изертлеўлерди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлар режесине муўапық, режениң 1-бәнтинде көрсетилген «Хожели районының топырақлары ҳәм жер асты суўларының шорланыўын изертлеў» бойынша  район орайының жер асты суўларының сульфат ҳәм хлор дузлары менен шорланыўының санластырылған схематикалық картасы ислеп шығылды.

Хожели районының топырақлары ҳәм жер асты суўларының шорланыўын изертлеў нәтийжелери бойынша еки халықаралық конференцияға қатнасылды ҳәм төрт илимий мақала таярланып, баспадан шығарылды.

Ал, усы режениң 2-бәнтинде көрсетилген «Техникалық пайдалы өсимликлерди үйрениў: 1) қант жүўери – биожанылғы ретинде; 2) махсар – азық-аўқатлық бояў алыў ҳәм фармацевтика санааты ушын шийки зат өними сыпатында; 3) қамыс – қағаз ҳәм картон алыў дәреги сыпатында пайдаланыў»  бойынша жумыслар орынланды.

Атап айтқанда, қант жүўериси (ширин жўхори) биожанылғы ислеп шығарыў ушын перспективалы өсимлик. Оннан биожанылғы алыў ушын аз қәрежет талап етиледи. Оны кең көлемде жетистириў ушын республикамыздың топырақ-климат шараятларына сәйкес келетуғын жүўери сортларын дурыс таңлаў керек. Сол себепли мазалы жүўери сортларының туқымларын алыў керек. Бул ушын биз Ташкенттеги “Өсимлик генетикалық ресурслары институты”на хат пенен шықтық. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Режениң 3-бәнтинде «Ҳәр қыйлы географиялық аймақлардан алып келинген путақлы ҳәм ағаш өсимликлериниң Қарақалпақстанның шор топырақлары шараятына интродукциясын үйрениў көрсетилген. Бул  бойынша тѳмендеги жумыслар әмелге асырылмақта.

Ботаника бағында фенологиялық бақлаў жумыслары алып барылмақта. 3 мың метр узынлықтағы суўғарыў салмалары тазаланды. Виргин Можжевелниги, Шығыс биотасы, бигнон катальпасы, пенсильван ясени, я.влаголюбивый, робинии ложно-акации, айланта, барбарис, шиповник, аморфы ҳәм басқа өсимликлердиң туқымлары жыйнап алынды ҳәм егиўге таярланды. «Тақыятас нефтебаза»сы менен дүзилген 9 миллион 600 мың сумлық шәртнама бойынша 100 мийўели ҳәм 500 декоратив өсимликлер егилди. Алынған илимий нәтийжелер бойынша илимий мақала таярланды.

Ис-режениң 4-бәнтинде көрсетилген «Күшли аридизация шараятында деградацияға ушыраған топырақлардың өнимдарлығын биологиялық усыллар менен тиклеў. Шорланған ҳәм деградацияға ушыраған топырақлардың өнимдарлығын арттырыўда өсимликлердиң тәсирин үйрениў»  бойынша жумыслар әмелге асырылды.

Үстирттеги қурғақшыл ландшафтлардың шығыс бѳлиминиң топырақларының шорланғанлық дәрежеси үйренип шығылды. Үстирт платосындағы ҳәм Арал теңизиниң шорланған ултанындағы өсимликлер дүньясы изертленди. Дуздың көшиўиниң алдын алыў мақсетинде еки түрли методикадан пайдаланылып, дузға шыдамлы өсимликлер егилип, жасыл майданлар пайда етилди.

«Мойнақ биостанциясы» лабораториясы участкаларында Қытай Цинзян академиясы менен биргеликте Қытай мәмлекетиндеги дузға шыдамлы от-жем өсимликлериниң туқымлары егилип, ҳәзирги күнде олардың төрт түри жақсы нәтийжелерди көрсетпекте. Сол өсимликлердиң туқымлары көбейтилип Үстирт ҳәм Арал тенизиниң шорланған топырақларына егип көриў ушын жумыслар алып барылмақта.   Алынған илимий нәтийжелер бойынша еки илимий мақала таярланып, баспадан шығарылды

«Арал теңизи Артемиа цистасы қурамындағы хитозан ҳәм оның ацилли туўындыларын синтезлеў технологиясын ислеп шығыў» бойынша да жумыслар алып барылмақта.

Артемиа цисталарынан хитин, хитозанды ажыратып алыў ҳәм үйрениў усыллары ҳәм хитозан туўындыларын синтезлеў бойынша ресурслар топланды.

Теңиздиң жоқары сапалы ҳәм сапасыз артемия цисталарының органолептикалық, биометрикалық, биохимиялық ҳәм физика-химиялық қәсийетлери анықланды. Баҳалы, сапалы ҳәм сапасыз цисталарды анықлаўшы тийкарғы көрсеткишлери ретинде туқымнан шығыў уқыплылығы, тири ҳәм өли эмбрионлар саны изертленди.

Химиялық анализ ушын циста үлгилери таярланды.

Оптимал шараятларды жаратыў ушын артемиа цисталары хитинынан түрли усыллар жәрдеминде хитозан алынды. Оның тийкарғы физикалық-химиялық қәсийетлеринен ығаллылық, қалдық күл, жабысатуғынлық, орташа молекуляр салмақлық, деацетиллениў дәрежелери анықланды.

Алынған нәтийжелер бойынша 1 мақала ҳәм 1 тезис баспадан шықты. Пайдалы модельге патент алынды.

Әҳмийетли мәселе болған «Арал теңизи суўларының дузланыўы, Арал теңизиниң қурыған ултаны дузларының тарқалыў динамикасын баҳалаў ҳәм анықлаў, 2030-жылға шекемги дәўир ушын болжаў нәтийжелерин алыў»  бойынша да жумыслар исленди.

“Арал – қурыған түби” геосистемасы жағдайы динамикасы анықланды.

”Арал 61 +” геосистемасының 2030-жылғы көрсеткишлери прогнозланды.

Арал теңизиниң қурыған түбинде дузларды азайтыў ушын тереклерди егиўдиң әҳмийети көрсетилди. Егер терек егиўдиң проекцион қапламасы 70 процентке арттырылса, терек егилген майданлар 50 процент нәтийже бергенде дузлардың азайыўы жылына 28,1 миллион тоннаға азаяды деп уйғарыўға болады.

Қарақалпақстан жағдайында патасланған шығынды суўларды суў шөплери жәрдеминде биологиялық жоллар менен тазалаў ҳәм олардан балықшылық хожалықларында азықлық сыпатында пайдаланыў» бойынша Қубла Аралбойы шараятында патасланған шығынды суў дәреклери анықланды ҳәм бул аймақларда суў тазалаўшы өсимликлерди егиў арқалы биологиялық тазалаў жумыслары алып барылды.

Тақыятас районы ЫЭС  патасланған суўларында жоқары ҳәм төмен дәрежели суў шөплери Пистия (Пистиа стратиотес), Ряска (Лемна минор), Азолла (Азолла царолиниана), Ейхорния (Еичҳорниа црассипес),  Хлорелла (Члорелла вулгарис) өсимликлери өсирилди. Нәтийжеде оларды аўыл хожалығында шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық хожалықларында азықлық сыпатында пайдаланыў имканиятлары туўылды.

Төмен дәрежели суў өсимлиги болған хлорелла өсимлигин әмелиятта пайдаланыў ушын Караөзек, Беруний, Әмиўдәрья, Нөкис, Хожели, Шымбай районларына бийдай, пахта, палыз егинлери ушын төгин сыпатында ҳәм Хожели, Нөкис районларына азықлық сыпатында 4 балықшылық хожалықларына 12 тоннадан артық хлорелла жеткерип берилди.

Институт илимпазлары ҳәм қәнигелери тәрепинен усы ҳәм басқа да бағдардағы илимий-изертлеў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.