Франция пайтахты Париж қаласында өткерилетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ойынларының басланыўына да санаўлы күнлер қалды.
Дүньяның 206 мәмлекетинен 10 мыңнан аслам спортшылар қатнасатуғын бул жарыстың ашылыў мәресими тарийхта биринши мәрте стадионнан тысқарыда, яғный Сена дәрьясында болып өтеди.
Белгиленген реже бойынша 26-июль күни ҳәр бир делегация өз алдына қайықта жүзип өтеди.
Мәресимди телевизор яки интернет арқалы тамашалап атырған жанкүйерлер ушын спортшыларды жақыннан көриўи ушын барлық кемелер арнаўлы камералар менен үскенеленеди ҳәм дәрьяда шығыстан батысқа қарай 10 500 спортшы Париж қаласының орайын кесип өтеди.
Спортшылардың кемелердеги парады 6 кмлик аралықты өз ишине алып, Трокадеро алдында тамамланады ҳәм ол жерде мәресимниң қалған бөлими менен ашылыўдың жуўмақлаўшы шоусы шөлкемлестириледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.