Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мирәт етиўине бола Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров өмирлик жолдасы менен бирге 18-июль күни мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келди.

Ташкент қаласы халықаралық аэропортында оларды мәмлекетимиз басшысы ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиӊ мәмлекетлик байрақлары көтерилип, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Қоӊсысына жақсылық тилеп бәрқулла тыныш болыўын қәлеген, табысынан қуўанатуғын халықпыз. Аналарымыз таӊсығырақ қандайда бир тағам писирсе еӊ дәслеп дийўал артындағы, саяласына апарып берген. Өзине раўа көргенин басқалар менен де бөлискен. Бунда үлкен ҳикмет бар.

Ата-бабаларымыз бир руўзыгердиӊ басқалардан бөлинип бахытлы бола алмайтуғынын жақсы билген. Күштиӊ бирликте екенлигин атап өтетуғыныныӊ мәниси де усында.

Мәмлекетимиздиӊ кейинги жыллары қоӊсы мәмлекетлер менен дослық байланысларды жаӊа басқышқа алып шығыўға умтылып атырғаныныӊ тийкарында да мине, усы көп жыллық кәдирият жәмленген.

Өзбекстан Қырғыз Республикасы менен “бир дийўал” қоӊсы. Қуда-қудағай, барды-келди, алды-сатты мәселелери өзине тән тарийхқа ийе.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров​ Ташкент қаласына келгеннен соӊ, Өзбекстан Республикасы Бас министри пенен биргеликте “Жаӊа Өзбекстан” паркине барды.

Жоқары мәртебели мийман “Жаӊа Өзбекстан” паркиндеги Мустақиллик монументине гүл қойды.

Комплекс пенен қысқаша танысыў барысында Қырғыз Республикасы делегациясы ўәкиллерине усы ансамбльдиӊ мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген алымлар, уллы сәркарда ҳәм әскер басылар, жадид бабаларымыздыӊ тулғаларына айрықша итибар қаратты.

Буннан соӊ Көксарай резиденциясында Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровты салтанатлы күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда мәмлекетлик байрақлар көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соӊ Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтыӊ тар шеӊбердеги ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда еки мәмлекет бирге ислесиўиниӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, кейинги жыллары биргеликтеги ис-ҳәрекетлер себепли узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген көп тәреплемели бирге ислесиўди түпкиликли кеӊейтиў ушын жақсы орталық жаратылғанын айрықша атап өтти.

Парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясат ҳәм тармақ уйымлары дәрежесиндеги сөйлесиўлердиӊ нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық майданлар, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән саўда шөлкеми, регион мәмлекетлери басшыларыныӊ Мәсләҳәт ушырасыўлары, “Орайлық Азия плюс”форматлары шеӊберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бирге ислесиўдиӊ жаӊа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жаӊа жойбардыӊ усыныслары көрип шығылды.

Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди, атап айтқанда, Шегараалды ўәлаятлар ҳәкимлери кеӊеси шеӊберинде және де кеӊейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сондай-ақ, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология, қәўипсизлик ҳәм басқа тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери толық додаланды.

Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртибиндеги тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша да пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегацияларыныӊ қатнасыўында кеӊейтилген қурамда даўам етти.

Усы саммитке таярлық шеӊберинде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес форумы, Ректорлар форумы, Әўладлар қарым-қатнасы ҳәм бир қатар илажлар табыслы өткерилгени атап өтилди.

Саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, қәўипсизлик, мәденият ҳәм басқа әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиў нәтийжелери сын көз қараста талланды.

Сөйлесиўлер даўамында тәреплер парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлар, исбилерменлер, экспертлер ҳәм жәмийетшилик дәрежесинде жедел байланысларды даўам етиўге келисип алды. Мәмлекетлераралық кеӊес дүзиўге қарар етилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, атап айтқанда, БМШ, ШБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларыныӊ Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм басқа көп тәреплемели майданлар шеӊберинде тығыз бирге ислесиўди даўам етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Товар алмасыў көлемин көбейтиў, бәринен бурын, импорттыӊ орнын басыў бағдарламалары ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша анық илажлар додаланды.

Усы мақсетте сапар даўамында өз-ара саўда көлемин арттырыўға қаратылған бағдарлама қабыл етилмекте. Буннан тысқары, жақын жылларда 2 миллиард доллар көрсеткишине шығыў ушын пайтахтларда саўда үйлери шөлкемлестириледи, экспорт-импорт шәртнамалары топламы қәлиплестириледи, экспорт алды қаржыландырыў механизмлери енгизиледи, аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлерин тез тасыў бойынша “жасыл коридор” иске қосылады.

Санаат кооперациясы шеӊбериндеги әмелдеги жойбарлар портфели 300 миллион долларға жеткени атап өтилди. Күни кеше болып өткен бизнес форумы шеӊберинде энергетика, логистика, электротехника, тоқымашылық, агросанаат ҳәм басқа тармақларда саўда шәртнамалары ҳәм инвестиция келисимлериниӊ жаӊа топламы қабыл етилди.

Бундай жойбарларды алға қойыў ушын Өзбекстан – Қырғызстан қорыныӊ устав капиталы 200 миллион долларға көбейтиледи.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық бағдар етип белгиленди.

Қамбарата ГЭС-1 қурылысына байланыслы келисимге тез пурсатта қол қойыў ҳәм жойбардыӊ әмелий басқышын баслаў әҳмийетли екени атап өтилди. Сондай-ақ, еки мәмлекет потенциалын есапқа алған ҳалда киши гидроэнергетиканы раўажландырыў бойынша комплексли бирге ислесиў бағдарламасы таярланды.

Регионда транспорт байланыслығын беккемлеў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў бойынша стратегиялық жойбар ҳаққындағы үш тәреплеме келисимге қол қойылғаны бул бағдарда тарийхый ўақыя болды.

Ушырасыўда перспективалы транспорт жойбарлары да көрип шығылды.

Еки мәмлекет аймақлары саўда-экономикалық бирге ислесиўиниӊ ҳақыйқый драйверлери екени атап өтилди. Усы мәнисте, Бас министрлердиӊ басшылығында Шегараалды ўәлаятлар ҳәкимлери кеӊеси шеӊберинде жедел байланыслар даўам еттириледи.

Аймақлар делегацияларыныӊ өз-ара сапарлары кестесин таярлаў ҳәм биргеликтеги “жол карталары”н жаӊалаўға келисип алынды.

Аўыл хожалығы өз-ара бирге ислесиўдиӊ тийкарғы бағдары болып табылады. Аўыл хожалығы егинлерин биргеликте жетистириў, интенсив бағлар ҳәм агрокластерлер шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын агрокооперация бағдарламасы әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Мәденият, жаслар, туризм, билимлендириў, илим ҳәм спорт тараўларында жедел алмасыўлар даўам еттириледи.

Келеси жылларға мөлшерленген мәдений илажлар календарын таярлаўға келисип алынды.

Мәжилисте Бас министрлер орынбасарларыныӊ есабатлары ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша анық усыныслар тыӊланды.

Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшылары биргеликтеги “жол картасы”н таярлаў ҳәм ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў механизмлерин жолға қойыў бойынша тапсырма берди.

Еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соӊ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ири кооперация жойбарларын иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Атап айтқанда, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында улыўмалық қуўатлығы 400 мегаватт болған еки қуяш электр станциясыныӊ қурылысына старт берилди. Бул станцияларда ислеп шығарылатуғын электр энергиясы Қырғызстанға жеткерип берилетуғыны нәзерде тутылған.

Чуй ўәлаятында заманагөй жеӊил автомобильлер ҳәм коммерциялық техникалар ислеп шығарыў заводы иске қосылды. Атап айтқанда, ол жерде “Кобальт,” “Оникс” ҳәм “Трекер” маркалы жүк автомобильлери жыйналады.

Сондай-ақ, Қара-Балта қаласында тигиў-трикотаж өнимлери ҳәм материал ислеп шығарыў жолға қойылды. Кәрханаға заманагөй технологиялық үскенелер жеткерип берилип, орнатылды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери бул жойбарлар мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеӊейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров арасында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилди.

Мәмлекет басшылары кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереӊлестириў ҳәм кеӊейтиў ҳаққында Биргеликтеги протоколға қол қойды.

Сапар даўамында 16 ҳүжжетке қол қойылды, атап айтқанда:

– Қырғыз Республикасыныӊ Ыссықкөл ўәлаяты аймағында жайласқан курорт-дем алыў хожалығы объектлери бойынша ҳүкиметлераралық келисим;

– Пуқаралардыӊ өз-ара келип-кетиўи ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасыныӊ Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳаққында протокол;

– Қурылыс жумысы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Мийнет, халықтыӊ бәнтлиги ҳәм миграция тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Мәмлекетлик хызмет тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– 2024-2030-жылларда өз-ара саўда көлемин арттырыў бойынша илажлар режеси;

– 2024-2026-жылларда дене тәрбия ҳәм спорт тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режеси;

– 2024-2026-жыллары аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша “жол картасы”;

– 2024-2026-жыллары Ташкент ҳәм Бишкек қалалары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша илажлар режеси;

– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық басламалар миллий институты арасындағы меморандум ҳәм басқалар.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.

Өзбекстан басшысы Қырғызстан Президентиниӊ мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя болғаны ҳәм мәмлекетлеримиз көп тәреплемели бирге ислесиўинде жаӊа дәўирди баслап бергенин атап өтти.

Бул ретки саммитке биргеликте қатаӊ таярлық жумыслары алып барылғаны атап өтилди. Ҳүкиметлераралық комиссияныӊ гезектеги мәжилиси, бизнес форумы, Ректорлар форумы, Әўладлар сөйлесиўи нәтийжели өтти. Усы күнлери мәмлекетимиз аймақларында Қырғызстан мәденияты күнлери өткерилмекте.

Ҳәр қашанғыдай ашық-айдын, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өткен бүгинги сөйлесиўлердиӊ жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Келешекте өз-ара бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көериў ушын тийкар болып хызмет ететуғын Кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереӊлестириў ҳәм кеӊейтиў ҳаққындағы биргеликтеги протокол сапардыӊ тийкарғы сиясий ҳүжжети болды.

Президентлер басшылығында Мәмлекетлераралық кеӊес дүзиў бойынша келисимге ерисилди.

Жетекшилер санаат кооперациясында, бәринен бурын, еки мәмлекет экономикасыныӊ бир-бирин толықтыратуғын тармақларында жаӊа өсиў ноқатларын жаратыў мәселелерине айрықша тоқтады. Булар энергетика, автомобиль қурылысы, транспорт ҳәм логистика, электротехника, тоқымашылық, агросанаат ҳәм басқа тармақлардағы жойбарлар болып табылады.

Аймақлар арасындағы системалы байланысты кеӊейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Шегараалды ўәлаятлар ҳәкимлери кеӊесиниӊ жумысын жеделлестириўге келисип алынды. Өз-ара сапарлар кестеси таярланып, бирге ислесиў бойынша “жол карталары” жаӊаланды. Жойбарлар портфелин жыл жуўмағына шекем 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекет басшылары аўыл хожалығы тараўында жаӊа имканиятларды белгилеп берди. Аўыл хожалығы егинлерин биргеликте жетистириў, фьючерс келисимлеринен пайдаланған ҳалда интенсив бағлар ҳәм агрокластерлер шөлкемлестириў усылардыӊ қатарына киреди.

– “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў стратегиялық жойбары бойынша үш тәреплеме келисимге қол қойылғаны тарийхый ўақыя болды, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Транспорт коридорларын раўажландырыў тараўындағы жаӊа жойбарларды үйрениў ушын экспертлер топарын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Киши гидроэнергетика тараўында өз алдына бирге ислесиў бағдарламасы таярланатуғыны атап өтилди.

– Қамбарата ГЭСи қурылысы ҳаққында үш тәреплеме келисим қабыл етилиўди тезлестириў илажларын көремиз. Бул мегажойбар, әлбетте, пүткил регионымыздыӊ турақлы раўажланыўына хызмет етеди, – деди Өзбекстан Президенти.

Мәденият, жаслар, билимлендириў, илим ҳәм спорт тараўларында жедел қарым-қатнас ҳәм алмасыўлар даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы саяхатшылар алмасыўын раўажландырыў имканиятларын айрықша атап өтти. Ҳәзирги ўақытта Ташкенттен Бишкек ҳәм Томчиға тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылған.

Сапар даўамында Өзбекстанныӊ Ыссықкөлдеги санаторий-курорт комплекслери ҳаққында келисимге қол қойылды. Июль айыныӊ басында Өзбекстан тәрепи үш объектти иске қосты, олар мийманларды қабыл етпекте. Туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жаӊа жойбарлар ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз жетекшиси сөзиниӊ жуўмағында сөйлесиўлер нәтийжелеринен миннетдар екенин билдирди ҳәм Қырғызстан Президентиниӊ Өзбекстанға тарийхый сапарыныӊ нәтийжелери бирге ислесиўди анық мазмун менен байытатуғынына, өз-ара дослық, жақсы қоӊсышылық ҳәм стретегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров өмирлик жолдаслары менен бирге Өзбекстанда Қырғызстан мәденияты күнлериниӊ баслыныўына бағышланған концертте қатнасты.

Еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниӊ бул концерти тереӊ тарийхый тамырлар менен байланысқан, дини бир, қәдирият ҳәм дәстүрлери ортақ өзбек ҳәм қырғыз халықларыныӊ көп әсирлик дослығыныӊ сәўлелениўи болды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниӊ ерк-ықрары ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли туўысқан халықлар және де жақынласты, мәмлекетлераралық қатнасықлар болса кеӊ көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Талантлы көркем өнер шеберлери атқарған қосық-намаларда халықларымыз мәдениятыныӊ байлығы, өзине тәнлиги ҳәм соныӊ менен бирге, уқсаслығы өз көринисин тапты.

Қырғыз Республикасы президенти Садир Жапаровтыӊ мәмлекетимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзА хабаршылары