Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров​ Ташкент қаласына келгеннен соӊ, Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте “Жаӊа Өзбекстан” паркине барды.

Жоқары мәртебели мийман “Жаӊа Өзбекстан” паркиндеги Мустақиллик монументине гүл қойды.

Комплекс пенен қысқаша танысыў барысында Қырғыз Республикасы делегациясы ўәкиллерине усы ансамбльдиӊ мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

“Жаӊа Өзбекстан” парки ҳәм Мустақиллик монументи ғәрезсизлигимиздиӊ отыз жыллығына бағышланып қурылған.

Үш мыӊ жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхыныӊ тамырлары оғада тереӊ. Монументке итибар қаратқан адам мине, усы аўыр өтмиштиӊ көркем сәўлеленгенине гүўа болады.

Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларыныӊ мәмлекетимизге сапары шеӊберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.

Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген алымлар, уллы сәркарда ҳәм әскер басылар, жадид бабаларымыздыӊ тулғаларына айрықша итибар қаратты.

З.ЖОНИБЕКОВ,

Р.НАЗАРМАТОВ (сүўрет), ӨзА