Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июль күни Иран Ислам Республикасының жаңадан сайланған Президенти Масъуд Пезешкиён менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Масъуд Пезешкиёнди болып өткен Президентлик сайлаўдағы жеңиси менен қызғын қутлықлап, жуўапкершиликли мәмлекетлик лаўазымында үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан-Иран қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, саўда, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Кейинги жылларда товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалар, авиақатнаўлар санының артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бурын ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Энергетика, химия санааты, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер де көрип шығылды.
ӨзА