Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-июль күни аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықты таллаў ҳәм жыл жуўмағына шекем әҳмийетли ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дәслеп, әмелге асырылған жумыслар қысқаша айтып өтилди. Усы жылдың алты айында жалпы ишки өним 6,4 процентке көбейген. Санаат 7,8 процентке, қурылыс 10,1 процентке, хызметлер 12,9 процентке, аўыл хожалығы 3,8 процентке өскен. Бюджет дәраматлары да 113 триллион сумға жетип, 14 процент көбейген.

Улыўма, жыл басынан берли республикада жаратылған қосымша қун баҳа 567,4 триллион сумға, яғный, 45,1 миллиард долларға жеткен. Бундай санлар алдын болмаған.

Өткен дәўирде жәми капитал қойылмалар 229 триллион сумды қураған. Соннан 15,5 миллиард доллары сырт ел инвестициясы болып есапланады. Әндижан, Булақбоши, Қаракўл, Кармана, Давлатобод районлары, Наманган ҳәм Самарқанд қалалары инвестициясы 100 миллион доллардан, Шараф Рашидов, Фориш, Жаңа Наманган, Аҳангарон районларында болса 70 миллион доллардан асқан.

Жыл басынан 3,5 миллиард долларлық 3 мың жойбар иске түсип, 76 мың жоқары дәраматлы турақлы жумыс орны жаратылған. Исбилерменлик ушын 82 триллион сум кредит ҳәм 15,5 триллион сум субсидия берилип, 600 мың халық бизнеске тартылған. Жеңилликлер себепли исбилерменлерде 56,3 триллион сум қәрежет қалған.

«Жасыл» энергетика тараўындағы жумыслар да нәтийже бере баслады. Ҳәзирги ўақытқа шекем иске түскен 2,4 гигаваттлы 10 қуяш ҳәм самал электр станциялары есабынан ярым жыллықта 1,6 миллиард киловатт «жасыл» энергия алынды. Бул ярым миллиард кубметр газди үнемлеў имканиятын берди.

Усы жылдың өзинде мәҳәллелерди абат етиў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў, электр сыяқлы инфраструктураны жақсылаў ушын бюджеттен 31,5 триллион сум ажыратылған. Буған қосымша және 1,5 триллион сум бериледи.

Өткен алты айда 18 мың 600 жаңа квартира қурып, тапсырылған. 26 мың шаңараққа 7 триллион сумға шамалас ипотека кредити ажвратылған. Олар бойынша басланғыш төлем ҳәм процентти қаплаў ушын 545 миллиард сум субсидия берилген.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте көбирек машқалалар ҳаққында сөз етип, анық реже ҳәм ўазыйпаларды белгилеў зәрүрлигин атап өтти.

Дүньядағы аўыр шараятқа қарамастан, турақлы экономикалық өсиў жолында анық нәтийжелерге ерисип атырмыз. Буны Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң басшылары, рейтинг шөлкемлери, үлкен инвесторлар да тән алмақта Бирақ, бүгин кемшиликлерди көрсетип, резервлерди иске қосыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп алсақ, пайдалы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Биринши болып, экономика, қаржы, салық, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери додаланды.

Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждуўан тәжирийбелери нәтийжесинде алты айда 4 мыңнан аслам мәҳәлле санаат ҳәм аўыл хожалығына қәнигелескен, 1 миллион 600 мың халық рәсмий бәнт болған, 712 мың жаңа дәрамат салығы төлеўши пайда болған.

Мәжилисте буларға жаңа түртки бериў мақсетинде қосымша илажлар белгиленди.

Атап айтқанда, енди район ҳәкими, банк баслығы ҳәм мәҳәлле баслығы бир болып ислеў бойынша үш тәреплеме шәртнама дүзеди. Усы жылдың 1-декабрине шекем «Сайхунабад тәжирийбеси» тийкарында хожалықлар ушын финанслық пакет етип бериледи. Бул арқалы 495 мың халықтың бәнтлиги тәмийнленеди. Екинши ярым жыллықта «Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламасына қамтып алыў 1,5 есеге көбейтилип, 4 триллион сум ажыратылады.

«Уйчи тәжирийбеси»не тийкарланып, район ҳәкими ҳәм банк баслықлары исбилерменлер менен ушырасып, олардың бизнесин кеңейтиўге жәрдем береди. Онда ҳәким жер, электр, суў, жол ҳәм басқа инфраструктура мәселесин, банк болса қаржыны шешеди. Бул арқалы жыл ақырына шекем 670 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги айтылды.

«Ғиждуўан тәжирийбеси» тийкарында жыл ақырына шекем мың мәҳәллениң өзинде көп қабатлы санаат имаратлары қурылады. Оларға хожалықлардағы ислеп шығарыўшылар көшириледи. Усы имаратлардың жоқары қабатларында ислейтуғын исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи. Бул 140 мың жумыс орнын «саядан» шығарыўға шараят жаратады.

«Зарбдор тәжирийбеси» тийкарында районларда санаат, саўда, хызмет ҳәм заманагөй агротехнологиялар тараўында драйвер жойбарлар исленеди. Оларды әмелге асырыўға усы жылы қосымша 500 миллиард сум ажыратылады. Бул арқалы және 150 мың жумыс орны болады.

Бас министрге усы төрт тәжирийбени қолланған ҳалда, жыл ақырына шекем 2 миллион 416 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режесин районлар кесиминде тастыйықлаў тапсырылды.

Бюджетке түсимлерди тәмийинлеў мәселеси де көрип шығылды. Кәрханалар ҳәм исбилерменлерге жәрдем берип, дәраматын арттырыў арқалы салық түсимин көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Исбилерменге артықша төлеткен ҳәмелдарлар жазаланатуғыны ҳаққында ескертилди.

Меншиклестириў бағдарламасының орынланыўы, үлкен кәрханаларда өзине түсер баҳаны төменлетиў жумыслары төмен екенлиги көрсетип өтилди.

Енди исбилерменлерге жеңиллик ҳәм субсидиялар мақсетли көрсеткиши менен бир жылға берилетуғыны, нәтийжесине қарап мүддети созылатуғыны ямаса бийкар етилетуғыны айтылды.

Усы жылы аймақлық кәрханаларда 164 триллион сумлық өним ислеп шығарылған. Бирақ, Когон қаласы, Қоровулбозор, Зафаробод ҳәм Мирзаобод районларында санаат төменлеген. Жуўапкерлерге жыл жуўмағына шекем кем қуўатлықта ислейтуғын 2 мың кәрхананы раўажландырыў ўазыйпасы қойылды.

Жумысында системалы кемшиликлерге жол қойған 28 район ҳәм қала ҳәкимине интизамый жаза қолланды. Қараөзек, Тақыятас, Учқудуқ, Ташкент, Фурқат, Гурлан, Мирзаобод, Янгиариқ, Мингбулоқ районлары, Ғозғон қаласы ҳәкимлери лаўазымынан босатылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселелер транспорт, коммуникациялар, қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы тараўлары бойынша болды.

Бәринен бурын, қурылыста өзине түсер баҳаны төменлетиў мәселеси талқыланды. Жер ҳәм қурылыс материалларынан тысқары жойбарды келисиў, арнаўлы шәртлер алыўдағы қыйыншылықлар көрсетип өтилди. Ең үлкен «жасырын экономика» да қурылыста.

Сол себепли Қурылыс министрлигине тараўда исбилерменлик ушын тосқынлық етип атырған барлық тәртип-қағыйдаларды жаңалаў ўазыйпасы қойылды.

Сапа ҳәм тәртипти күшейтиў мақсетинде Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы ҳүкимет қурамына өткерилип, ўәкилликлери кеңейтиледи. Рухсатсыз ямаса жойбардан шетке шығып исленип атырған қурылыслар бойынша жаза илажлары күшейеди.

Жаңа жойбарларда исбилерменлер ушын электр ҳәм газден техникалық шәртлер алыў санластырылады. Онда тармаққа қосылыў орнын инсан факторысыз автоматласқан тәризде таңлаў системасы енгизиледи.

Усы жылғы Инвестиция бағдарламасында 1 мың 896 жойбарға 20,5 триллион сум ажыратылған. Атап айтқанда, 618 мектеп, 176 балалар бақшасы, 80 поликлиника ҳәм 67 емлеўхана қурылып үскенелениўи белгиленген.

2 мың 152 көп қабатлы турақ жай қурылып, 100 мыңнан аслам квартираны пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. 570 мың гектарда суў тәмийнатын жақсылаў, 13 мың километр жол ҳәм 195 көпирди пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған.

Жәмийетлик транспортта электрон төлем системасын толық енгизиў, барлық ўәлаят орайларында жолаўшы тасыўды брутто-шәртнама тийкарында қаржыландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарларға бирме-бир тоқтап, кешигип атырған жойбарларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди. Бул жумыслардың социаллық әҳмийетин, оларды адамлар өз өмиринде сезиўи кереклигин атап өтти.

Мәжилисте инвестиция, экспорт ҳәм аўыл хожалығындағы мәселелер де ҳәр тәреплеме додаланды.

Өткен алты айда экономикаға 15,5 миллиард доллар сырт ел, оннан 14 миллиард доллар тиккелей инвестиция киргизилген. Президентимиз олардың нәтийжелилигин таллаўға итибар қаратты.

Үш жылда киргизилген ҳәр бир доллар инвестиция орташа үш доллар қун жаратқан. Яки, ҳәр 1 мың доллар сырт ел инвестициясы салық түсимин орташа 600 долларға арттырған. Бирақ айырым тармақлар ҳәм аймақларда бул көрсеткиш аз.

Жуўапкерлерге кейинги жылға режелестирилген жойбарларды усы көз қарастан бирме-бир таллаў тапсырылды.

Алдыңғы жыллары шеттен келген 183 миллион долларлық 593 үскенени тезирек орнатып, иске түсириў зәрүрлиги айтылды. Толық ислемей атырған инвестиция жойбарларын «жанландырыў», машқалаларды шешиў илажлары белгиленди.

Быйылғы жылы санаат зоналары инфраструктурасы ушын 1,5 триллион сум ажыратылған. Сондай-ақ, Раўажланыў ҳәм тиклениў қорынан берилген 650 миллион доллар арзан ресурс, банклерде сырт елден қаратылған 1 миллиард доллар қаржы бар. Усы қәрежетлерден нәтийжели пайдаланып, жойбарларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Алты айда локализациялаў бағдарламасы шеңберинде өндирис 34 процентке өскен. Усы жерде, үлкен инвестиция жойбарларында жергиликли өнимлер үлесин көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Сол себепли ўәлаят ҳәкимлери ҳәм тармақ басшыларына аймақлардағы 50 миллиард долларлық 200 үлкен жойбарды таллап, товар ҳәм хызметлерди локализациялаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды. Аймақлық кәрханалардың кооперация порталындағы қатнасын жанландырыў зәрүрлиги айтылды.

Экспорт мәселелери талланып, тармақ ҳәм аймақлар жыл басынан 8,7 миллиард долларлық өнимди шетке сатқаны атап өтилди. Бирақ 9 районда эспорт өткен жылғы көрсеткиштиң ярымына да жетпеген.

Кейинги ўақытларда көплеген мәмлекетлер ишки базарын қорғаў ушын тариф ҳәм тариф емес тосықларды белгилемекте. Тийисли министрлик ҳәм уйымларға усы тосықларды жумсартыў бойынша келисимге ерисиў тапсырылды.

Усы жылдың биринши ярмында мийўе-овощ өним ҳәм азық-аўқат өнимлери экспорты 910 миллион долларды қурады. Бул тараўда биринши гезекте қайта исленген мийўе-овощ өнимлери экспортын кескин көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта сақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў қуўатлықларын арттырыў бойынша 382 жойбар басланған. Жыл жуўмағына шекем 10 агрологистика орайы, 230 мың тонналық суўытыўшы қоймахана қурыў режелестирилген. Булар арқалы мийўе-овощ өнимин сақлаў сыйымлығы 63 процентке жеткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўда экспортты көбейтиў ушын жаңа туқым сортларын өзимизде жаратыў кереклигин атап өтти. Аўыл хожалығы министрлигине Қытай ҳәм Түркия тәжирийбеси тийкарында туқымгершилик системасын қайта көрип шығып, егинлердиң ген банкин кеңейтиў бойынша тапсырма берилди.

75 мың гектар нәтийжесиз бағлар ҳәм 100 мың гектар төмен өнимдарлы жерлер орнында санаатласқан бағ ҳәм жүзимзарлықлар қурыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады. Бундай бағлар ушын Аўыл хожалығы қоры арқалы жеңиллетилген кредит ажыратылады.

Мәжилисте пахта-тоқымашылық кластерлериниң қаржылай турақлылығына байланыслы мәселелер де көрилди. Оларға берилген жеңилликли кредит мүддети 2025-жылдың 1-апрелине шекем созылғаны, усы жылы пахта сатыўы ушын жеңилликли кредит кластерлердиң жип-ийириў кәрханаларына берилиўи белгиленди. Экономикалық нәтийжесиз, қаржы миннетлемеси жоқары кластерлердиң дәрежеси қайта көрип шығылатуғын болды.

Өнимдарлықты арттырыў ушын пахташылық ҳәм мийўе-овощ өнимлеринде механизация дәрежесин 50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды. Буның ушын жыл ақырына шекем фермер ҳәм дийқанлар және 6,5 мың техника менен тәмийинленеди.

Мәжилисте Министрлер Кабинети комплекслериниң баслықлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер есабат берди. Экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша жыл жуўмағына шекем мөлшерленген режелер баян етилди.

ӨзА