Мәмлекетимизде Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде жаслардың оқып билим алыўы, кәсип ийелеўи ҳәм өзин-өзи бәнт етип, дәрамат табыўы ушын кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы М.Кайпанов басшылығында IT резиденти болған жасларға арнаўлы компьютерлер тапсырылып, аудитория ажыратылып, оларға имканиятлар жаратылмақта.
Бул әҳмийетли баслама IТ тараўында раўажланыўға умтылып атырған жаслар ушын келешек есиклерин ашпақта. Компьютерлер программаластырыў, 3D дизайн, Autocad, веб-сайтларды ислеп шығыў, мағлыўматларды таллаў ҳәм санлы технологияларға байланыслы басқа да тараўларды үйрениўи мүмкин болған аудиторияда жайласқан.
Илажда шығып сөйлегенлер бүгинги технологиялар раўажланған дәўирде IT көнликпелерин өзлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул компьютерлер жасларға өз потенциалын жүзеге шығарыўына, өзи ҳәм елимиз ушын перспективалы келешек жаратыўға жәрдем беретуғынына исеним билдирди.
Жаслар IT тараўы бойынша тәжирийбели қәнигелерден зәрүр билим ҳәм көнликпелерди алып өз жумысын баслады.
Мәмлекетимизде IT тараўының раўажланыўына айрықша итибар қаратылып атырғаны бул тараўдағы әҳмийетли қәдем болып, жасларға санлы технологиялар дүньясында жоқары дәрежеге ерисиўине тийкар болары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.