Быйылғы Париж Олимпиадасында еркин  гүрес бойынша -74 кг салмақта Бекзод Абдураҳмоновтың орнына усы жылы Өзбекстан Республикасы пуқаралығын қабыллаған  россиялы палўан Разамбек Жамалов қатнасатуғын болды. 

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Спорт министри Адҳам Икрамов мәлим етти.

«Бул бәсеки әдил болды. Олардың дүнья рейтингиндеги орынларына итибар қаратылды ҳәм онда Разамбектиң көрсеткиши жоқары екенлиги белгили болды. Сонлықтан Олимпиадаға оны жибериўди қарар еттик.

Буның барлығы алдыннан айтылған еди: Венгриядағы рейтинг турнирде ким жақсы қатнасса сол Парижге барады. Разамбек Бекзод Абдураҳмоновты жеңген спортшыны да жеңип шықты.

Бекзод Абдураҳмонов пенен де бул мәселе бойынша сөйлестик ҳәм бул қарарды ол дурыс қабыл етти», – дейди Адҳам Икрамов.

Соны айтып өтиўимиз керек, Бекзод Абдураҳмонов еки мәрте Азия ойынлары ҳәм Азия чемпионатының жеңимпазы, Токиода өткерилген Олимпиада ойынларының қола медалының ийеси болып табылады.

Ал, Разамбек Жамалов болса, еки мәрте Россия чемпионы, 2020-жылы жәҳән кубогиниң жеңимпазы, 2019-жылы 23 жасқа шекемги палўанлар арасында өткерилген Европа ҳәм жәҳән бириншиликлериниң алтын медалы ийеси болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.