Президент Шавкат Мирзиёев 15-июль күни мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процесслери, жоқары билимлендириў системасында сапаны арттырыў ҳәм халықаралық  оқыў бағдарламаларын енгизиўге байланыслы есабат пенен танысты.

Ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў имтиханлары болып өтпекте. Усы жылы онда 805 мың абитуриент қатнаспақта.

Жуўапкерлер 2024-2025-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине кадрлар таярлаў мәмлекетлик буйыртпа режеси бойынша мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, усы жылы бакалавриатта да, магистратурада да инженерлик, қурылыс, тәбийғый пәнлер, математика, мәлимлеме технологиялары бағдарларына квоталар саны арттырылмақта. Төлемли-контракт тийкарында қабыллаў мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелерине бирдей шәртлер тийкарында, оқыў мәкемесиниң илимий потенциалы ҳәм  техникалық базасына сүйенген ҳалда әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары билимлендириў мәкемелерине улыўма мәмлекетлик буйыртпаны тастыйықлаў, онда мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм мийнет базары талапларына итибар қаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Елимизде инженерлик кадрларға талап жоқары. 20-июнь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде усы тараўдағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын жетилистириў ўазыйпасы қойылған еди.

Мәселен, Сурхандарьяда Термиз инженерлик-технология институты ҳәм Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институты бар. Оларды кеңейтиў арқалы Термиз мәмлекетлик инженерлик ҳәм агротехнологиялар университетин шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Бул нәтийжели басқарыў системасын енгизиў, бир-бирин қайталаўшы факультет ҳәм кафедраларды қысқартыў, айырым штат бирликлерин оптималластырыў имканиятын береди.

Жаңа университетте Алдыңғы инженерлик мектеби шөлкемлестириледи. Оған  билими жоқары студентлер танлаў тийкарында алынып, әмелиятқа бақдарланған арнаўлы билим бағдарламалары тийкарында оқытылады. Бул мектептиң бағдарларына сай санаатта бирге ислесиўшилер белгиленип, заманагөй лабораториялар шөлкемлестириледи. Олардың усыныслары тийкарында илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе- конструкторлық жумыслары жолға қойылады.

Университеттиң басқарыў ҳәм оқытыўшылық лаўазымларына сырт ел тәжирийбесине ийе, илимий ҳәм әмелий тәжирийбеси жоқары қәнигелерди кеңнен тартыў, олардың жумыс нәтийжесин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў ўазыйпалары қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы тармақ, кәрхана ҳәм жоқары билимлендириў мәкемесиниң өз-ара байланысын беккемлеў, өз тараўында алдыңғы, бәсекилес қәнигелер таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Президентиниң 2023-жылы сентябрь айында АҚШқа сапары даўамында билимлендириў тараўы бойынша да келисимлерге ерисилген еди. Оған муўапық, Ташкент қаласында Америка технологиялар университети ашылыўы күтилмекте.

Оның жумысы 2024-2025- оқыў жылынан басланады.Университетте инженерлик, архитектура ҳәм дизайн, мәлимлеме технологиялары, денсаўлықты сақлаў, экономика ҳәм финанс, халықаралық қатнасықлар тараўлары ушын кадрлар таярланады. Питкериўшилерге Аризона мәмлекетлик университети яки АҚШта тән алынатуғын бирге ислесиўши сырт ел университетиниң дипломы бериледи.

Бул бағдардағы шөлкемлестириў илажлары ҳәм келешектеги мақсетлер белгиленип алынды.

ӨзА