Англия футбол ассоциациясы сайланды команданың бас тренери Гарет Саутгейт пенен өз-ара дүзилген шәртнаманы созыў нийетинде. Times басылымының хабар бериўинше, Евро—2024 финалында ким жеңиске ерисиўине қарамастан, ассоциация басшылары 53 жастағы қәнигени бас тренер сыпатында алып қалыўға ҳәрекет етеди.

Соны айтып өтиўимиз керек, Саутгейт 2016-жылдан берли миллий сайланды команданы басқарып келмекте ҳәм оның басшылығында англичанлар Евро—2020 жарысында гүмис медальды қолға киргизген еди.

Сондай-ақ, быйылғы жылғы Европа чемпионатында да Англия сайланды командасы және бир мәрте финалға шықты ҳәм онда Испанияға қарсы ойын өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.