Шараят ҳәм талапшаңлық себепли бүгин барлық аймақларда  жумыс тезлиги жоқары. Бир кәрхана иске қосылып, басқалары қурылып атыр. Әсиресе, санаат тармақларында жойбарлар соншелли көп, ҳәммесине үлгериў қыйын.

Сол себепли мәмлекетимиз басшысының сапары ўақтында ең әҳмийетли жойбарларға тоқтап өтиў дәстүрге айланған. Ферғана ўәлаятында да жаңа кәрханаларды иске қосыў ҳәм қурылысын баслаў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында соңғы бес жылда Ферғанада санаат көлеми 1,3 есеге көбейгенин атап өтти. Экспорт көлеми дерлик 2 есеге артып, 722 миллион долларды қураған.

Инвестициялар муғдары да жыл сайын өсип бармақта. 2018-жылы ўәлаят тек ғана 90 миллион доллар қаржы өзлестирген болса, өткен жылы бул көрсеткиш 1 миллиард 300 миллион доллар болған. Сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар саны 470 ке жеткен.

Ўәлаятта 6 миллиард долларлық сырт ел исвестициялары  есабынан 110 ҳәм және 1,1 миллиард долларлық 22 жергиликли жойбар бойынша жумыслар жедел бармақта. Оларда 20 мыңнан аслам жумыс орны болады.

Алдын ўәлаятта 6  жойбарды ислеў мүмкин емес еди. Бүгин 6 миллиард долларлық жойбарлар ҳаққында айтып атырмыз. Не ушын? Өстик, раўажландық, инвесторларды исендирдик, шараят жараттық. Бундай жумысларды және даўам еттиремиз,- деди Шавкат Мирзиёев.

Тек ғана “Қоқанд” еркин экономикалық зонасында 370 миллион долларлық  жүзге шамалас жойбар орынланып, 9 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Олар тәрепинен усы жылдың биринши ярымында 1 триллион 500 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 60 миллион долларлық экспорт етилди.

Күни кеше қабыл етилген Президент қарарына бола, бул санаат зонасы Қувасай қаласы бойлап 210 гектарға кеңейтиледи. Онда баҳасы 1 миллиард долларлық 185 жойбар жайластырылып, 12 мың жумыс орны жаратылады. Оннан тысқары  Қоқанд қаласында 230 гектар майданда “Өзбекстан- Қытай” арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестириледи.

Ўәлаяттағы табыслы жойбарлардан бири- Сингапурдың “Индорама” компаниясы менен биргеликтеги минерал төгинлер заводы. Енди оның жоқары нәтийжели комплексли өнимлер ислеп шығарыў бойынша 2- басқышы иске түсирилмекте ҳәм 3-басқышы басланбақта. Олардың нәтийжесинде жылына 300 мың тоннадан аслам өним ислеп шығарылып, қосымша 50 миллион долларлық экспорт тәмийинленеди.

Мәресимдеги және төрт жойбар энергетика тараўында. Олар-  Бесарық районында қуяш электр станциясы, Өзбекстан районында электр энергиясын сақлаў системасы, Ферғана районында киши гидроэлектр станциялары.

Экономикамызда электр энергияға болған талап жылына орташа 6 процентке артып бармақта. Сол себепли дәстүрий дәреклер менен бирге қайта тиклениўши қуўатлылықларда раўажландырылмақта.

Соңғы үш жылда 2 миллиард доллар сырт ел инвестициялары есабынан күши 2,4 гигаватт болған 10 қуяш ҳәм самал электр станциясы тармаққа жалғанды. Жыл ақырына барып және 12 станцияның дерлик 2,6 гигаватт қуўатлылықлары жалғанады. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде жәми 19 миллиард долларлық, 18,3 гигаватлы 32 “жасыл” жойбар әмелге асырылмақта. Әҳмийетлиси, ондай жойбарлар ҳәр бир ўәлаятта бар.

Атап айтқанда, Ферғананың Бесарық районында Германияның “Hyper Partners” компаниясы менен 500 мегаваттлы қуяш электр станциясы қурылысы басланбақта. 350 миллион долларлық бул жойбардың дәслепки 200 мегаватты усы жылдың өзинде тармаққа жалғанып, келеси жылы толық иске түсириледи. Онда жылына 1 миллиард 600 миллион киловатт саат яки 675 мың шаңарақтың бир жыллық пайдасына тең “жасыл” энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде 466 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди.

Өзбекстан районында 144 доллар сырт ел инвестициясы есабынан 150 мегаваттлы биринши электр энергиясын сақлаў системасы қурылады. Қытайдың “Gezhouba Group” компаниясы менен биргеликтеги бул комплекс усы жылдың ақырына шекем иске түсириледи. Ол электр энергиясына талап артқан ўақытта автомат түрде иске қосылып, энергетика системасының турақлылығын тәмийинлейди.

Бул заманагөй станциялар энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге, экономикалық нәтийжелилигин арттырыўға, экологиялық турақлылықты жақсылаўға хызмет етеди.

Тараўдағы және бир бағдар- суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў. Соңғы жети жылда 630 миллион доллар инвестиция есабынан 400 мегаваттан аслам жаңа қуўатлықлар пайда болып, гидроэлектр станциялардың қуўатлылығы 2,2 гигаваттқа жеткерилди.

Излениўлер даўам еттирилип, елимизде 56 мегаватт қуўатлылықтағы 200 киши ҳәм микро ГЭСлер қурыў имканияты анықланды. Бул бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилди. Оның шеңберинде Ферғана районының шетки аймақларында 2 киши ГЭС қурылды. Бириншиси, Шоҳимардон аўылында қурылған 2,2 мегаваттлы, екиншиси, Жоқары Водил аўылындағы 430 киловаттлы станциялар болып есапланады. Олар жақын мәҳәллелерде жасаўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлейди.

Мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, қурылып питкен кәрханалар жумысын ҳәм жаңа жойбарлардың қурылысын баслап берди.

ӨзА