Шыршық қаласында жас өспиримлер (U17) арасында бес күн даўам еткен Орайлық Азия чемпионатында 22 алтын, 16 гүмис ҳәм 7 қола, жәми 45 медаль топлаған Өзбекстан сайланды командасы улыўмалық команда есабында биринши орынды ийеледи.
Регионның ең күшли 100 ден аслам аўыр атлетикашылары қатнасқан быйылғы жарыс қызғын ҳәм маўасасыз гүреслерге бай болды.
Чемпионаттың есап-санағына бола, 9 алтын, 4 гүмис ҳәм 3 қола, жәми 16 медалға ийе болған Түркия сайланды командасы жерлеслеримизден кейинги екинши орынды ийеледи. 8 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 қола медалын қолға киргизген Қазақстан сайланды командасы болса командалық есапта күшли үшликке кирди.
Сондай-ақ, күшли беллесиўлерде қырғызстанлы спортшылар 34, Түркменстан ўәкиллери 13 ҳәм Тәжикстан сайланды командасы ағзалары 7 медалға ылайық болды.
Орайлық Азия чемпионатының быйылғы сыйлық қоры 16 мың АҚШ долларын қурады ҳәм сыйлықланғанлар сәйкес түрде 500 (алтын медаль), 300 (гүмис медаль) ҳәм 200 (қола медаль) АҚШ доллары муғдарындағы пул менен сыйлықланды.
Ул балалар арасында өзбекстанлы Нодир Жўраев, қыз балалар арасында қазақстанлы Ксения Позорова чемпионаттың ең жақсы спортшылары деп табылды.
Т.РЎЗИЕВ,
ӨзА хабаршысы