Шоманай районында «Прокурор кубоги» ушын спорттың Кураш түринен өткерилген жарыслар да қызғын беллесиўлерге бай болды.
Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды спорт пенен шуғылланыўға қызықтырыў, үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, спорттың Кураш түрин раўажландырыў мақсетинде спорттың усы түри бойынша 2007-2008-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында «Прокурор кубоги» ушын жарыс өткерилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги, прокуратурасы, Кураш федерациясының ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң Шоманай районлық бөлими ҳәм спорт мектеби тәрепинен шөлкемлестирилген бул жарыс халықаралық «Кураш» қағыйдаларына муўапық алып барылып, жарыстың барысы тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.
Жас өспиримлер 42, 46, 50, 55, 60, 65 ҳәм 65 килограмм салмақтан жоқары салмақта, ал қызлар болса 52, 57 килограмм салмақта өз-ара беллести.
– Мен районда Кураш бойынша «Прокурор кубоги» ушын өткерилген жарыста 65 килограмм салмақ категориясында барлық қарсыласларымды жеңип шығып, сыйлы биринши орында алыўға еристим. Енди Қарақалпақстан Республикалық басқышында да жеңимпаз болыўға, Өзбекстан Республикалық басқышына да қатнасыўға ҳәрекет етемен,-дейди жарыс қатнасыўшысы А.Кенжебаев.
Жарыс жуўмағы бойынша жеңимпазлар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Биринши орынды алған жас спортшылар жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги