22-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланып мәдений-ағартыў илаж өткерилди.

Онда республикамыздың алыс аймақларында жасайтуғын мүтәж шаңарақлардың 120 ҳаял-қызына электр-хожалық техника үскенелери тапсырылды, 5 ҳаялға кәсиплик аўқамларының санаторийлерине бийпул жолламалар берилди.

Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының 28 социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм инталы студентлерине Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген «Кәсиплик аўқамлары стипендиясы» сертификатлары тапсырылды, яғный оқыўларына жәрдем сыпатында 900 мың сумға шамалас муғдардағы бир мәртелик стипендия берилди.

Илажда жыйналғанларға республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги