Кеше Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында Өзбекстан Олимпия сайланды командасы Мали олимпия сайланды командасына қарсы өзиниң екинши дослық ойынын өткерди.
Ушырасыўдың 1-таймында бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилгени менен дәрўазаларға гол урылмады.
Екинши таймға келип болса, Мали футболшылары үстинликти өз қолларына алды ҳәм 48-минутта Диарра Тиамоко Владимир Назаров дәрўазасына гол урыўға миясар болды.
Буннан соң сайланды командамыз ағзалары да тез-тез ҳүжимге өте баслады ҳәм Хусайн Норчаев оң қапталдан жеткерип берилген топты басы менен Мали дәрўазасына анық жоллаўға еристи.
Ал, 89-минутта сайланды командамыз қорғаўшылары қарсылас команда ҳүжимшисин қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм олардың бул ҳәрекети ушын ойын төрешиси тәрепинен пенальти белгиленди.
Дәрўазамызға белгиленген пенальтиди болса, Мали футболшысы Вилсон Ласса анық әмелге асырып, өз командасының жеңисин тәмийинледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы