«Мен ҳәр сапары жасларымыз бенен ушырасқанымда сизлердиң ғайрат-жигериңизден күш-қуўат аламан, кеўилим таўдай көтериледи. Ҳәр бириңиз жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызға шын кеўилден хызмет етиў әрманы менен жанып жасап атырғаныңызды жақсы билемен. Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында қәдирлеймен»,– деген еди Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде жаслардың заман талабына сай билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўына кең имканиятлар жаратылып берилмекте. Әсиресе, олардың спорттың ҳәр қыйлы түрлери менен шуғылланыўына жаратылып атырған мүмкиншиликлер нәтийжесинде, бүгинги күни көплеген спортшы жасларымыз жәҳән ареналарында мәмлекетимиз байрағын жоқары шоққыларда желбиретпекте.
Қоңырат районындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәллелерде жасларды ғалаба спортқа тартыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып, «Бес баслама» олимпиадасы ҳәм «Үмит нәлшелери» спорт жарыслары шеңберинде стол тенниси бойынша мектеп оқыўшылары арасында жарыс өткерилди.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, ер балалар арасында 1-орынды Нурсултан Генжебаев жеңип алыўға миясар болды. Ал, 2-3-орынлар 11-класс оқыўшысы Мийирбек Қосымбетов ҳәм 8-класс оқыўшысы Ақылбек Көбесовларға несип етти.
Қызлар арасында өткерилген жарыста болса, 1-орынды 11-класс оқыўшысы Айдана Тойлыбаева, сыйлы 2-3-орынларды 11-класс оқыўшысы Гулбану Султангалиева ҳәм 8-класс оқыўшысы Мадина Абибуллаевалар жеңип алыўға еристи.
Жарыс соңында жеңимпазлар мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Қанат Турғанбаев,
Қоңырат районындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң денетәрбия пәни муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги