Көксарай резиденциясында 27-май күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Мәмлекеттиң раўажланыўын белгилейтуғын факторлар көп. Олардан бири узақ-жақын мәмлекетлер менен стратегиялық байланысларды беккемлеў болып есапланады. Бүгин дүнья жүзинде бир қағыйда қатаң жумыс ислейди – ҳеш бир мәмлекет жеке өзи раўажлана алмайды.
Жаңа Өзбекстан дүнья жәмийетшилиги менен жедел бирге ислеспекте. Бир-бирин қоллап-қуўатлаў тийкарына қурылып атырған бул қатнасықлар айрықша әҳмийетке ийе.
Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң еки тәреплеме қатнасықларда үлкен жетискенликлерге ерисип атырған бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында Россия да бар. Бул пикирди тастыйықлаўшы санларды көплеген мысалларда келтириў мүмкин. Атап айтқанда, мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара товар алмасыў көлеми кейинги жылларда дерлик еки есеге артты. Россия елимиз ушын ең үлкен экспорт базары болып қалмақта.
Усы жерде және бир мысал, Россия мәмлекетимизде шөлкемлестирилген сырт ел инвесцтициялары қатнасыўындағы кәрханалар саны бойынша да жетекшилер қатарында.
Мәмлекетимизге Россия Федерациясы Президентиниң мәмлекетлик сапары көп тәреплемели бирге ислесиўдиң үзликсиз ҳәм нәтийжели даўам етиўинде үлкен әҳмийетке ийе.
Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып, минберге мирәт етти. Мәмлекетлик гимнлер жаңлады. Әскерий оркестр намалары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Россия Президенти қайта сайланғанынан кейин дәслепки сырт елге сапарларының бирин әйне Өзбекстанға әмелге асырып атырғанын айрықша атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.
Сапарға таярлық шеңберинде парламент ағзаларының ушырасыўлары, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, «Иннопром» көргизбеси, еки мәмлекеттеги жетекши инженерлик-техникалық жоқары оқыў орынларының ректорлары ҳәм абырайлы медицина мәкемелери басшыларының конференциялары нәтийжели өткени, Ташкентте Рус көркем өнер ҳәптелиги илажларының даўам етип атырғаны атап өтилди.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң өсип атырған пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм Россиядан инвестициялар көлеми көбеймекте, санаат кооперациясы раўажланбақта.
Жетекши кәрханалардың биргеликтеги жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Биргеликтеги инвестиция платформасын иске қосыў бойынша келисимге ерисилди.
Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, жетекшилер энергетика, соның ишинде, атом энергетикасы, аўыл хожалығы, инновациялар, миграция, қәўипсизлик ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.
Көп тәреплемели мәдений-гуманитарлық алмасыў раўажланып атырғанына жоқары баҳа берилди.
Билимлендириў ҳәм инженер кадрларды таярлаў тараўларындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшылары тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин сө йлесиўлерди рәсмий делегациялардың қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.
Сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери толық додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жоқары дәрежеси ҳәм өзине тәнлиги, мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң барлық тараўлары менен бағдарларын қамтып алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
– Сизиң мәмлекетлик сапарыңызды ҳақылы түрде тарийхый деп атаў мүмкин. Бул сапар етиў мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында жаңа басқышты баслап бермекте, – деди Шавкат Мирзиёев.
Додалаўлар даўамында тәреплер парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар, аймақлар, жәмийетшилик, экспертлер ҳәм исбилерменлер топарлары дәрежесиндеги жедел байланысларды даўам еттириўге келисип алды.
Бул мақсетте Бас министрлер дәрежесиндеги Биргеликтеги комиссия ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның имканиятларынан толық пайдаланылады, олардың гезектеги мәжилислери усы жылдың ақырына шекем өткериледи.
Сондай-ақ, турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлерди, БМШ, ҒМДА, ШБШ сыяқлы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар ҳәм басқа да көп тәреплемели платформалар шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.
Өз-ара саўда айланысының турақлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги 7 жылда ол 2,5 есеге артты. Тәреплер жаңа мақсетли көрсеткишке – жақын перспективада саўда көлемин 30 миллиард долларға жеткериўге келисип алды.
Бул ўазыйпаны әмелге асырыўға жәрдемлесиў ушын Россияда Өзбекстанның толық түрде саўда ўәкилханасы шөлкемлестириледи.
Бүгинги саммитке энергетика, металлургия, нефть-химия, машина қурылысы, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, логистика, фармацевтика, жасалма интеллект ҳәм басқа да көплеген бағдарларда 20 миллиард доллардан аслам баҳада жаңа санаат кооперациясы жойбарлары таярланды.
Бундай жойбарларды алға қойыў ушын биргеликтеги Инвестициялық платформа иске қосылады.
Энергетика тараўында газ тасыў системасын модернизациялаў, газ, нефть ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў көлемин арттырыў, углеводородларды қайта ислеў жойбарларын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.
Аймақлар арасындағы бирге ислесиў де жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди. Өткен ҳәптеде Өзбекстанның барлық аймақларының басшылары сапар менен Россияда болды.
Азық-аўқат қәўипсизлиги, инновациялар, санлы технологиялар, жасалма интеллект, миграция сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарлар да көрип шығылды.
Мәденият ҳәм көркем өнер, илим, денсаўлықты сақлаў, туризм, жаслар ҳәм спорт тараўларында жедел алмасыўлар даўам еттириледи.
Тәреплер Өзбекстанда Бауман атындағы Москва техника университети ҳәм Пүткилроссия сыртқы саўда академиясының филиалларын ашыў бойынша келисимлерге ерисилгенин қоллап-қуўатлады.
Ушырасыў ўақтында делегация ағзаларының қысқа есабатлары, түрли тараўларда әмелий бирге ислесиў бойынша анық усыныслары тыңланды.
Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшылары ҳәр бир бағдар бойынша әмелге асырыў механизмлери нәзерде тутылған «жол карталар»ын қабыллаўға тапсырма берди.
Өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Мәмлекет басшылары жанында әҳмийетли еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болып өтти. Соның ишинде, булар:
– Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;
– Өзбекстан Республикасына метрология тараўында техникалық жәрдем көрсетиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
– Биргеликте кино ислеп шығарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
– Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық абаданлығын тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
– Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Илим ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги арасында илимий технологиялар тараўында биргеликте таңлаўлар өткериў ҳаққында келисим;
– Балықшылық тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол;
– 2024-2026-жылларға мөлшерленген мәденият тараўында бирге ислесиў бағдарламасы;
– 2025-2026-жылларға мөлшерленген туристлер ағымын арттырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы;
– Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Санаат ҳәм саўда министрлиги арасында товар алмасыўды көбейтиў мақсетинде санаат кооперациясын кеңейтиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;
– Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Санаат ҳәм саўда министрлиги арасында 2024-2030-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында өз-ара саўда көлемин арттырыў бойынша жумысшы топар жумысының тийкарғы бағдарлары режеси;
– Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Карантин ҳәм өсимликлерди қорғаў агентлиги ҳәм Россия Федерациясы Аўыл хожалығы министрлигиниң Ветеринариялық ҳәм фитосанитариялық қадағалаў бойынша федераллық хызмет арасында фитосанитариялық тараўда санлы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген карантин ҳәм өсимликлерди қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режеси;
– Өзбекстан Республикасы Жоқы билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Илим ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги арасында «Н.Э.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университети» федераллық мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында меморандум;
– Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги арасында денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў мәселелери бойынша; медициналық мақсеттеги дәри-дәрмақ қуралларын, медициналық буйымларды ҳәм жоқары технологиялық емлеў усылларын тәртипке салыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протоколлар;
– Өзбекстан Республикасы аймағында кем қуўатлы атом электр станциясын қурыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисимлер;
Ташкентте Пүткилроссия сыртқы саўда академиясының филиалын ашыў ҳаққында келисим;
– транспорт машина қурылысы, пуқаралық авиациясы системалары санаатын раўажландырыў, туризм алмасыўын арттырыў, Ташкентте гуманитарлық жойбарларды әмелге асырыў, агрологистика орайлары ҳәм заманагөй химия қуўатлылықларын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў ҳаққында ҳүжжетлер.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.
Брифингте шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз басшысы Владимир Путинниң Россия Федерациясы Президенти лаўазымына қайта сайланғанынан кейинги дәслепки сырт елге сапарларынан бири болған бул сапар етиўди Өзбекстанға ҳәм көп миллетли халқымызға болған айрықша мүнәсибет ҳәм ҳүрметтиң, сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежеси ҳәм Өзбекстан – Россия қатнасықларын тереңлестириўге болған айрықша умтылысының тастыйығы сыпатында қабыл етилип атырғанын атап өтти.
Өзбекстан Президенти бул саммитке үлкен таярлық көрилгенин айрықша атап өтти. Парламент ўәкиллериниң ушырасыўлары, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, еки мәмлекет ҳүкимет делегациялары арасында өз-ара сапарлар нәтийжели өтти.
Ҳәр қашанғыдай дәстүрий ашық, конструктивлик ҳәм дослық орталығында өткен бүгинги сөйлесиўлердиң нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жетекшилер еки тәреплеме күн тәртибиниң барлық әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додалап, делегация ағзаларының тийкарғы бағдарлар бойынша есабатларын тыңлады, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысты.
Саўда-экономикалық тараўда әмелий бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылды. Тәреплер товар алмасыў көлемин және де арттырыў зәрүр екени бойынша бирдей пикирге келди.
Мәмлекетлер санаат кооперациясында айрықша илгериленген. Сөйлесиўлер даўамында энергетика, нефть-химия, металлургия, машина қурылысы, аўыл хожалығы, логистика ҳәм инновациялық тармақлар бойынша анық жойбарлар көрип шығылды.
Бүгинги күнде Өзбекстанда 3 мыңнан аслам қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, жойбарлар портфели дерлик 45 миллиард долларды қурайды. Бул ретки сапар етиў шеңберинде 20 миллиард доллар муғдарында жаңа жойбарлар бойынша келисимлерге қол қойылғаны айрықша атап өтилди.
Аймақлараралық бирге ислесиў Өзбекстан менен Россия арасындағы экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўдиң ҳақыйқый ҳәрекетлендириўши күши болып атырғаны айрықша атап өтилди. Аймақлар форумын Президентлер басшылығындағы Аймақлар кеңесине айландырыў бойынша келисимге ерисилди.
Мәмлекет басшылары энергетика тараўындағы стратегиялық бирге ислесиўди күшейтиў мәселесине айрықша тоқтап өтти.
Өткен жылы Россия тәбийғый газин Өзбекстанға жеткерип бериўди баслаған еди. Сөйлесиўлер даўамында газ, нефть ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў көлемин арттырыў, инфраструктураны терең қайта ислеў жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимизде кем қуўатлы атом электр станциясының қурылысы бойынша жойбарды әмелге асырыў ҳаққында келисимге қол қойылды.
– Дүнья жүзиндеги дерлик барлық жетекши мәмлекетлер өз энергетика қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўын атом энергетикасы есабынан тәмийинлемекте. Егер биз Өзбекстанның жаңа раўажланыў басқышына шығыў перспективалары ҳаққында ойласақ, үлкен муғдардағы уран резервлерине ийе ҳәм оны үшинши мәмлекетлерге экспорт етип атырған мәмлекетимиз ушын бул жойбар турмыслық әҳмийетке ийе, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Усы жылы Өзбекстанда Россияның ири мәдений илажлары, соның ишинде, кино кунлери өткериледи. Россияда Өзбекстан мәденияты күнлери, көргизбелер ҳәм театрларымыздың дөретиўшилик сапарлары болып өтеди.
Президентлер билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетин атап өтти. Еки мәмлекет жетекши университетлери ҳәм медицина мәкемелери арасында турақлы сөйлесиў ҳәм нәтийжели шерикликти қоллап-қуўатлады.
Инженер кадрларды таярлаў бойынша биргеликтеги жумыслар басланды. Бул мақсетте шөлкемлестирилип атырған Ташкенттеги Николай Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалы мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған жетекши Россия университетлериниң он бесиншиси болады.
Миграция тараўындағы бирге ислесиў мәселелери сөйлесиўлердиң айрықша темасы болды. Бул тараўда өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлери бойынша келисимге ерисилди.
Сыртқы сиясий уйымлар арасында турақлы мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў, регионаллық ҳәм халықаралық структуралар – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде сөйлесиўди тереңлестириў әҳмийетли екени тастыйықланды.
Дәстүрий ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерге, биринши гезекте, терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў бойынша ўәкилликликли уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер арасында тығыз бирге ислесиў мәселелери Өзбекстан ҳәм Россияның дыққат орайында қалады.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы сөйлесиўлер нәтийжелеринен қанаатланғанлығын екенин билдирип, россиялы кәсиплесине өзи менен Өзбекстанға Россияның тийкарғы министрликлери ҳәм уйымлары, субъектлериниң басшыларынан ибарат абырайлы делегацияны алып келгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Россия Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамындағы табыслы ушырасыўлар ҳәм жемисли нәтийжелер еки тәреплеме дослық, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды және де беккемлеўге хызмет ететуғынына, мәмлекетлераралық бирге ислесиў тарийхында жаңа бап ашатуғынына исеним билдирилди.
Көксарай резиденциясында еки тәреплеме илажлар жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Ҳүрметли мийманлар қыябанына барды.
Бул жерде мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Россия халықларының дослығы, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары беккемленип атырғанының белгиси сыпатында биргеликте терек екти.
Қыябанда басқа бирге ислесиўши мәмлекетлердиң жетекшилери тәрепинен егилген тереклер де өспекте.
Өзбекстан – Россия саммити шеңберинде Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин Ташкент қаласындағы «Жеңис парки» естелик комплексине барды.
Көп миллетли халықларымыз көп әсирлик улыўма тарийхымыз ҳәм оның жарқын бетлери, соның ишинде, Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңисти айрықша ҳүрмет-итибар менен еске алды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи реформалар бағдарламасының пүткиллей тийкарғы бағдарына айланды. Атап айтқанда, өзбекстанлылардың урыс майданларында көрсеткен қаҳарманлығы ҳәм фронт артындағы пидәкерлик мийнетин мәңгилестириў ушын мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2020-жылы 9-майда «Жеңис парки» ашылды.
Кең комплекс бир неше аймаққа бөлинген болып, ҳәр бири өз алдына темаға бағышланған – урыс қорқынышлары ҳәм әскерлердиң қаҳарманлығы, фронт артындағы жумысшылардың мәртлиги менен пидәкерлиги, қайғысы ҳәм дәрти, қуўаныш ҳәм шүкиршилик.
Бул жерге сапары даўамында Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери қайтыс болған әскерлердиң естелигин ядқа алды ҳәм урыс кесиринен бес улынан айырылған Зулфия ана Зокирова естелигине орнатылған «Мәртлик гимни» естелигине гүл қойды.
Комплекстиң ең жоқары ноқаты – жасалма төбениң бийиклигинде «Мәңги мәртлик» композициясы – Совет Аўқамы Қаҳарманы генерал-майор Сабыр Раҳимов ҳәм Екинши жер жүзилик урыста қатнасқан барлық өзбекстанлы әскерлердиң естелигине бағышланған естелик орнатылған.
Төбеликтиң ишинде парктиң тийкарғы павильоны – Өзбекстанның урыстағы қатнасыў тарийхына бағышланған Даңқ музейи жайласқан.
Жетекшилер музейдиң бай экспозициясы менен танысып, абырайлы өтмишимиз ҳаққындағы естелигин қәстерлеп-сақлаў әҳмийетли екенин атап өтти. Тарийхый мийрасты ҳүрметлеў жасларда ўатансүйиўшилик руўхын тәрбиялаў ҳәм халықлар арасында мәдений байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.
Жеңис паркиниң айбаты ҳәм саўлаты Россия делегациясы ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.
Сол күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басшылығында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Бул платформа алты жыл алдын еки мәмлекет басшылары тәрепинен иске қосылған болып, биргеликте Аймақлараралық бирге ислесиў форумы тәризинде жумыс алып барған.
Аймақлараралық бирге ислесиўдиң жедел пәти, өз-ара инвестициялардың жоқары динамикасы, биргеликтеги жойбарлар саны, сондай-ақ, бирге ислесиў тараўларын кеңейтиў ушын үлкен потенциалды есапқа алып, форум статусын арттырыў ҳәм оны Президентлердиң басшылығында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесине айландырыўға қарар етилди.
Кеңес мәжилисин ашып, мәмлекетимиз басшысы Президент Владимир Путинди ҳәм Россия делегациясының ўәкиллерин, соның ишинде, 30 ға шамалас аймақ басшылары ҳәм 300 жетекши санаат кәрханалары, бизнес ўәкиллерин қызғын қутлықлады.
– Бундай бирге ислесиў жоқары нәтийжелилик пенен ажыралып турады, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы узақ мүддетли шерикликти кеңейтиўге хызмет етеди, – деп атап өтти Президентимиз.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер айрықша нәтийжелер менен жуўмақланғаны, еки мәмлекет ҳәм халықлардың мәплери жолында кең көлемли шерикликти кеңейтиў ҳәм беккемлеўге болған улыўма умтылысын көрсеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жыл басынан берли барлық дәрежедеги, соның ишинде, еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланыслардың жеделлескени айрықша атап өтилди.
Усы мәнисте, аймақлараралық сөйлесиўди және де раўажландырыў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўға айрықша әҳмийет берилмекте.
Бүгинги күнде аймақлар дәрежесинде 4 миллиард доллар муғдарында 200 ден аслам биргеликтеги жойбар әмелге асырылмақта. Кеңес мәжилиси шеңберинде 5 миллиард доллар муғдарында жаңа шәртнамалар топламы таярланған.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўамында товар алмасыў көлемин жақын жылларда 30 миллиард долларға жеткериў ҳәм келеси жылы 10 миллиард доллар инвестиция өзлестириў бойынша жаңа мақсетлер белгилеп алынғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мақсетлерге ерисиўдиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши әйне еки мәмлекет аймақлары болыўы керек екенин атап өткен мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўдиң бир қатар тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Бәринен бурын, өз-ара саўданы көбейтиў. Кейинги 7 жыл ишинде Өзбекстанның Россия менен товар алмасыў көлеми 2,5 есеге өсти. Өз-ара жеткерип бериў қурамы, бәринен бурын, жоқары қосымша қунлы өнимлер есабынан сапа жағынан жақсыланды.
Тийкарғы бирге ислесиўшилер қатарында Москва ҳәм Санкт-Петербург қалалары, Татарстан, Москва, Ленинград, Новосибирск, Астрахань, Иваново, Челябинск ўәлаятлары, Красноярск, Пермь үлкелери, Башқуртстан ҳәм басқалар да бар.
Кооперация ҳәм импорттың орнын басыў жойбарларын арттырыў есабынан товар алмасыў көлемин көбейтиў бойынша илажлар режелери қабыл етилди, бул процесске аймақлар жедел тартылады.
Саўда ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын Россияда Өзбекстанның толық түрде саўда ўәкилханасы ашылады.
Инвестиция ҳәм технологиялар тараўындағы бирге ислесиў пәти жоқары баҳаланды. Өзбекстанда үш мыңнан аслам Россия компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.
Энергетика, химия ҳәм нефть-химия, машина қурылысы, аўыл хожалығы, логистика, тоқымашылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларда жойбарлар әмелге асырылмақта. Ташкент ўәлаятында татарстанлы бирге ислесиўшилер менен бирге иске қосылған «Химград» санаат зонасы кеңейтилмекте, Жиззақ ўәлаятында оның филиалы қурылмақта.
Россия аймақларының жетекши кәрханалары менен кооперация жойбарларын алға қойыў ушын жаңа биргеликтеги санаат зоналарын шөлкемлестириў режелери қоллап-қуўатланды.
Аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Өзбекстан аймақларында агрологистика орайлары тармағын кеңейтиў жумысларын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Аймақларға Россияда көтере-бөлистириў орайларын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығы егинлерин биргеликте жетистирип, кейин ала елимизге жеткерип бериў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәдений бирге ислесиў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилди.
Өзбекстан Президенти туризм алмасыўын кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти. Кейинги бир неше жылда россиялы туристлер саны 5 есеге артты. Өзбекстан ҳәм Россияның барлық ири қалалары турақлы авиақатнаўлар менен байланысқан.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Россияның тарийхый қалаларына туристлик бағдарлар ҳәм саяхатларды раўажландырыў бойынша жаңа биргеликтеги бағдарламаларды қабыллаўды усыныс етти.
Өз гезегинде, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетимиз бенен көп тәреплемели қатнасықлардың раўажланыўындағы унамлы тенденцияларды жоқары баҳалап, Россия ҳәм Өзбекстан аймақлары арасындағы исбилерменлик байланысларын беккемлеўдиң айрықша әҳмийетин атап өтти. Исбилермен топарлары ўәкиллерин биргеликтеги жойбарлар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда жедел қатнасыўға шақырды.
Мәжилис шеңберинде бир қатар жаңа ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў басланғаны жәрияланды.
Улыўма етип айтқанда, кеңес шеңберинде саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша аймақлараралық бирге ислесиў ҳүжжетлери ҳәм келисимлер топламына қол қойылды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары