Соңғы жыллары елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық, гуманитарлық тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда жетекши бирге ислесиўши мәмлекетлердиң бири Россия Федерациясы менен Өзбекстан Республикасы арасында тығыз шериклик қатнасықларын беккемлеў бойынша бир қатар бағдарларда бирге ислесиўлер жолға қойылған. Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында бүгинги күнде Россия Федерациясы аймақлары менен көп тәреплеме бирге ислесиўлер кеңейтилмекте.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының бир қатар аймақлары, соның ишинде, Татарстан Республикасы, Башқуртстан Республикасы ҳәм мәмлекеттиң басқа да аймақлары менен тығыз шериклик қатнасықлары орнатылмақта.
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мәмлекетимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығындағы делегация Ташкент қаласына келди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы республикамыз ўәкиллери Ташкент қаласында Башқуртстан Республикасы басшысын күтип алды.
Конгресс орайы залында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Башқуртстан басшысы арасында көп тәреплемели бирге ислесиўлер бағдарында сөйлесиўлер алып барылды. Келеси күни Ташкент қаласындағы Технопарк жумыслары, әмелге асырылып атырған жойбарлар көзден өткерилди. Технопарк аймағында кең ассортиментли санаат өнимлери, қурылыс материаллары, турмыслық техникалар, санлы технологияларды ен жайдырыў бойынша жойбарлар иске түсирилген.
Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақлар кеңеси шеңберинде келисимлер алмасылыўы мәресими болып өтти
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Россия Федерациясы аймақлары менен бирге ислесиўлерди кеңейтиў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, Жоқарғы Кеңес Баслығы Татарстан басшысы Рустам Минниханов пенен көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳүжжетлер топламына қол қойды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги