Уллы Британия бас министри Риши Сунак 4-июль күни мәмлекетте парламент тарқатып жиберилетуғынын ҳәм мүддетинен алдын сайлаўлар тайынланатуғынын жәриялады. Бул ҳаққында сиясатшы халыққа видеомүрәжатинде айтып өтти.

Бас министр пуқараларға олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын турақлы ҳәрекет ететуғынына ўәде берди ҳәм кейинги бес жыл ишинде мәмлекет Екинши жер жүзилик урыстан кейинги ең үлкен қәўипсизлик машқалаларына дус келиўи мүмкинлигин және бир мәрте атап өтти.

Сунак 2022-жылы 25-октябрьде Бас министр лаўазымын ийелеген еди. Бул ўақыт ишинде ол мәмлекеттиң әскерий қәрежетлерин сезилерли дәрежеде арттырды, бул оның сиясатына сын пикир билдириў ушын себеп болды.

Илгери The Guardian Сунактиң 4-июль күни Британияда улыўма сайлаўлар өткериў нийети ҳаққында жазған еди.

Бираз алдын Риши Сунак Уллы Британиялылардан кеширим сорағаны мәлим болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги