Х социаллық тармағы барлық дәрежелерде Twitter домен атынан ўаз кешти — бул ҳаққында Илон Маск хабар берди.

Енди кириўшилерди ресурс сайты x.com бетине бағдарлайды. Социаллық тармақ ребрендинги жәрияланған 2023-жылдың июлынан берли twitter.com оның бас бети мәнзили сыпатында ислеп киятырған еди.

Маск х.com доменин 2017-жылы 5 млн долларға PayPal (бир ўақытлары өзи тийкар салған) төлем системасынан сатып алған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги