Усы жылдың 25-апрель күни Ферғана ўәлаятынан бир топар нураний велоспортшылар “Ферғана – Қарақалпақстан” жөнелиси бойынша жолға атланған еди. Бул спортшылар 7-май күни Төрткүл районына, ал 8-май күни Нөкис қаласына жетип келди.

Велоспортшылар пайтахтымыз орайындағы мәмлекетлик байрақлар орнатылған майданда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысларын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, жас велоспортшылар тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.

Атап өтилгениндей, кексе әўлад ўәкиллериниң бул ерлиги ҳәр қандай мақтаўға ылайық.  Олар таўлардан асып, шөллерден өтип, 1345 километрлик узақ жолды артта қалдырып, Ферғана қаласынан Нөкис қаласына шекем велосипедте жетип келди.

Президентимиздиң басламасы менен спортты раўажландырыў, оның ғалабалығына ерисиў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атарған реформалар бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте. Бир топар белсенди нураний аталарымыздың саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде басып өткен бул жол, олар көрсеткен ерлик жасларға өрнек.




– Мен 2008-жылға шекем пахта тазалаў кәрханасында жумыс иследим. Ҳәўескер спортшыман. Спорттың велоспорт түри менен шуғылланаман. Пенсияға шыққаннан кейин де денсаўлығым ушын спортты тасламай турақлы түрде шуғылланып келмектемен. Велосипедте Ферғанадан Нөкиске шекемги аралықты басып өткен нураний спортшылардың көпшилиги мениң менен қатар адамлар. Напақадағы өзимиз қатары инсанларға, әсиресе, жасларға үлги болайық, деп марафонға қатнасып атырмыз. Барған жерлеримизде бизди жақсы күтип алып, иззет-ҳүрмет көрсетилип барылды. Бул ушын спорт министрлиги, барған жерлеримиздеги ҳәкимликлердиң басшыларынан миннетдармыз,-дейди нураний велоспортшылар топарының басшысы Кәримжан Ҳакимов.

Нөкис қаласына шекем жетип келген усы велоспортшылар арасында 81 жастағы нураный Мелиқўзи Назаралиев та бар екен.

– Жолда қыйналмадық. Самарқанд, Бухара қалаларында ҳәм басқа бир-еки жерде тоқтап өттик. Нөкиске шекем 12 нураний жетип келдик. Денсаўлығымыз жақсы, ферғаналылар сәлем айтып атыр. Заводта 42 жыл жумыс иследим. Ҳәзирги ўақытта пенсиядаман. Жасларға мәсләҳәтим, спорт пенен шуғыллансын, спорттың пайдасы үлкен. Жаслардың басқа керексиз нәрселер менен шуғылланғанынан спорт пенен шуғылланғаны жақсы. Енди, шаршамадым десем жалған болады, шаршадым, бирақ бир дем алсам бәри өтип кетеди, деп ойлайман,-дейди М.Назаралиев.

Илаж даўамында нураний велоспортшылар менен қызғын сәўбетлесиўлер болып өтти. Ертеңине нураний велоспортшылар 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына алып барылып, олар бул жердеги гүл қойыў мәресимине қатнасты. Соң олардың республикамыздағы дыққатқа ылайық орынларға саяхаты шөлкемлестирилип кеўилли дем алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги