Пайтахтымызда еки күн даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўапкер басшылары, министрликлер менен ведомстволардың қәнигелери, барлық қалалық, районлық ҳәкимликлердиң, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасында Инсан қәўипсизлиги Концепциясында көрсетилген принциплерге тийкарланған ҳалда аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў тараўларында жумыс ислеп атырған қәнигелердиң кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириўге бағышланған тренинг болып өтти.

Илажда Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў Академиясы «Басқарыўдың ҳуқықый тийкарлары» кафедрасының доценти М.Рахимова, БМШтың «Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклилик фондын шөлкемлестириў арқалы Арал апатшылығынан зыян көрген халықтың турмыс дәрежесин беккемлеў» Биргеликтеги Бағдарламасының Қарақалпақстандағы баслығы Б.Палўаниязов, қәнигелер К.Хамидов, О.Ларина, У.Уроков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекистандағы БМШтың Раўажланыў бағдарламасыныӊ жергиликли басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыўда, ҳәкимияттың жергиликли уйымларының жумысларын жақсылаўда, есаплардың ашық-айдынлығын, исенимлилик дәрежесин көтериўде, сондай-ақ, жергиликли басқарыўда пуқаралардың қатнасын кеңейтиўде ҳүкиметке үлкен жәрдеми тийип атырғанын атап өтти.

Арал әтирапларындағы жүзеге келген машқалаларды ҳәм Арал апатшылығының жергиликли халықтың турмысына тәсирин есапқа алған ҳалда экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, қоршаған орталықты қорғаў ушын Инсан қәўипсизлиги Концепциясын усы процесслерге интеграциялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Тренинг даўамында экспертлер тәрепинен Инсан қәўипсизлиги Концепциясы принциплери менен талапларын қолланған ҳалда аймақларды раўажландырыўдың стратегиясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери, усы концепцияны Аралбойы аймағы кесиминде қолланыўдың абзаллықлары ҳәр тәреплеме түсиндирилип, аймақлардың раўажланыў бағдарламаларын қаржыландырыў мәселелери көрип шығылды. Орынлардағы раўажланыў бағдарламаларын әмелге асырыў пайытында ерлердиң де, ҳаяллардың да тең қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.

Болып өткен Тренинг ҳәм БМШтың Биргеликтеги Бағдарламасы шеңберинде өткерилген басқа да илажлар Аралбойын раўажландырыў бойынша Жол картасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын концептуал тийкар сыпатында Инсан қәўипсизлиги Концепциясын қабыл етиў итималы арқалы Аралбойы аймағын комплексли раўажландырыўға ҳәр тәреплеме көмеклесиўге бағдарланғанлығы менен әҳмийетли болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы