Японияның аэрокосмослық изертлеўлер агентлиги ( JAXA) рәсмийлери сәршемби күни Айды үйрениў ушын мөлшерленген “ SmartLander ”    ( SLIM ) Жер менен байланысты табыслы орнатқаны , Айдың сыртын сүўретке алыў ҳәм үйрениўди даўам еттирип атырғанлығын  мәлим етти. Бул хаққында “The Japan Times” жазып шықты.

Есабатта айтылыўынша, Айдағы үскене тәбийғый жасалма жолдас фазасының

ең ерте ноқатында  алынған көринисти жәриялаған, нәтийжеде қысқарақ саялар менен сәл жақты көринис пайда болған.

“SLIM” 15 күнге шекем даўам ететуғын Айдың қараңғысына шыдаў ушын мөлшерленбеген, себеби ол жерде ҳаўа-райы минус 170 градус цельсий шкаласына шекем түседи.

Қурылма Айдың сыртына қонғаннан соң, дәрҳал қуўатлылық ислеп шығара алмады ҳәм “sleep”( уйқы ) ҳалатына кирди. “ JAXA ” ол жерде түнде ҳаўа- райының төменлеўин күткен еди.

Бирақ сегиз күннен кейин қуяш нурлары үскенениң қуяш батареяларына жетип барыўдан, “SLIM” өзиниң көп тармақлы спектроскопиялық камерасы жәрдеминде қуўатлылықты жағыў ҳәм көринислерди  “ JAXA ” ға жибериў  имканиятын берди.

Буннан кейин, “JAXA” Айдағы қурылма еле ислеп турғанлығын ҳәм Жер менен байланыста екенлигин жәриялады.

“SLIM”ниң ҳәзирги миссиясы аспан денесиниң келип шығыўы хаққында көбирек мағлыўмат алыў ушын Айдың майданындағы элементлерди толық үйренеди. Жойбарда “JAXA” ҳәм Японияның бир қатар институтлары изертлеўшилери арасындағы бирге ислесиўди өз ишине алады.

                                                                                                                        ӨзА