Түркия пайтахты Анқарадан 368 километр арқа-шығыста жайласқан Токат ўәлаятында 5,6 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди.
Түркияның Айрықша жағдайлар басқармасы интернет бетлеринде берилген мағлыўматларға бола, 5,6 магнитудалы жер силкиниўи 18-апрель күни жеркиликли ўақыт пенен саат 18Үәә де жүз берген, эпицентри Сулусарай аймағында болған.
Жер силкиниўиниң күши қоңсы ўәлаятлар– Самсун, Ёзгат,Чанкири, Чорум, ўәлаятларында да сезилген.
« Сол ўақытта Ёзгат қаласындағы 2 қабатлы жай ҳәм Сулусарайдағы бес қоймахана зыян көрген»,-делинеди рәсмий хабарларда.
Токат ўәлаяты губернаторы Нўмон Хатипоғлу арнаўлы жәриялап, ҳәзирге шекем қайтыс болғанлар яки дене жарақатын алғанлар хаққында хабар келип түспегенин мәлим еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги