Глобал бағдарлар индекси (The Global Destination Sustainability Index) углеродсыз келешекке исенимли умтылып атырған дүнья қалалары рейтингин жәриялады.

Рейтингти дүзиўде шығындыларды қайта ислеў, ҳаўаның тазалығы, велосипедлер ушын жоллар саны, жәмийетлик транспорттың экология талапларына жуўап бериўи ҳәм ҳәттеки экологиялық таза деп сертификатланған мийманхана ханаларының үлеси сыяқлы тәреплерине шекем есапқа алынды.

2016-жылдан 2021-жылға шекем үзликсиз дүньяның ең экологиялық таза қаласы деп тән алынып келинген Гётеборг (Швеция) және рейтинг жетекшисине айланды. Қалада электр транспорт ийелери ушын ең жақсы шараятлар жаратылып атыр, Гётеборгтеги жәмийетлик транспорт дерлик толық қайта тиклениўши энергия менен тәмийинленген. Қалаберди, бул қала бир мәртелик ыдыс ҳәм пластиктен пайдаланыўға қарсы қатаң гүреспекте.

Улыўма алғанда, турақлы раўажланыў рейтингинде скандинав қалалары жетекшилик етип атырғаны аналитиклердиң итибарын тартты.

Дүньяның экологиясы ең жақсы қалалар (топ-10):

  1. Гётеборг, Швеция
  2. Осло, Норвегия
  3. Копенгаген, Дания
  4. Хелсинки, Финляндия
  5. Берген, Норвегия
  6. Орхус, Дания
  7. Олборг, Дания
  8. Глазго, Уллы Британия
  9. Бордо, Франция
  10. Стокгольм, Швеция

Экологиясы жақсы қалалар рейтингине (топ-40) Батыс Европадан — 17, Арқа Америкадан — 1 (Монреал, Канада), Азия-Тыныш океаны регионынан — 7 (Сингапур, Гоян (Қубла Корея), Сонгхла ҳәм Бангкок (Таиланд), Мелбурн, Сидней ҳәм Брисбен (Австралия) қала кирди.

1–20-орынлар. Фото: GDS.EARTH

21–40-орынлар. Фото: GDS.EARTH

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги