Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-август күни Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы президенти Чо Чунг Вонды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, усы абырайлы халықаралық спорт шөлкеминиң баслығына Өзбекистанда таэквондоны, бәринен бурын, жаслар арасында ғалаба ен жайдырыўға қосып атырған үлеси ҳәм әмелий ис-ҳәрекетлери ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бүгинги күнде усы жекпе-жек гүрес түри менен 20 мыңнан аслам жерлеслеримиз шуғылланып келмекте. 1993-жылы таэквондо миллий ассоциациясы шөлкемлестирилди. Өзбекистан мәмлекетлик денетәрбиясы институтында жумыс ислеп атырған таэквондо кафедрасында тәжирийбели тренерлер таярланбақта.
Соңғы жыллары өзбекистанлы спортшылар үлкен халықаралық жарысларда табыслы қатнасып, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында жеңиске ериспекте, олимпиада ойынларында жоқары орынларды ийелемекте.
Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы Өзбекистанда спорттың усы түрин раўажландырыўға белсендилик пенен жәрдем берип атырғанлығын атап өтиў керек. Бул бағдарда биргеликте ҳәр қыйлы турнирлер шөлкемлестирип, елимизде заманагөй инфраструктураны жаратыў ҳәм оны үскенелеў жойбарларында, сондай-ақ, миллий сайланды командамыздың Қубла Кореяда таярлық көриў ҳәм де оқыў-шынығыўларын өткериўде қатнаспақта.
Усы жыл 11-13-август күнлери Ташкент қаласында усы халықаралық шөлкемниң басламасы менен Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы президенти кубоги ушын биринши Азия регионы жарысы болып өтеди.
Таэквондоны ғалаба ен жайдырыўға, Өзбекистан менен Қубла Корея арасында шериклик қатнасықларын раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге қосқан жеке үлесин ардақлаў сыпатында Чо Чунг Вонға Ташкент қаласының ҳүрметли пуқарасы ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университетиниң ҳүрметли илим докторы атағы берилди.
Ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў, елимизде үлкен халықаралық турнирлерди турақлы өткериў, Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясының елимиз басшысының усынысы менен Өзбекистан Миллий университетинде шөлкемлестирилип атырған таэквондо факультетиниң жумысын жолға қойыўда, сондай-ақ, елимиз жасларын спортқа кең түрде тартыўға қаратылған басқа да илажларда қатнасыў мәселелери додаланды.
Чо Чунг Вон Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ҳәм Өзбекистанда таэквондо ҳәм басқа да спорт түрлерин раўажландырыўды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы Өзбекистан менен жаңа қоспа жойбарлар ҳәм кең көлемли бирге ислесиў бағдарламаларын әмелге асырыўдан мәпдар екенлигин атап өтти.
ӨзА.