Мәмлекетимиз баслығы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жумысына да наразылық билдирди.

Профессионал билимлендириў ушын жуўапкер уйымлар көбейип кеткени ушын система раўажланбай атыр. Жумыс бериўшилер ҳәм техникумлар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр.

Жоқары билимлендириўде қамтып алыў кескин көбейди, тараўға жеке меншик сектор кирип келди. Бирақ сапаға жетерли итибар қаратылмай атыр.

Мәселен, студентлердиң еркин ислеўи ушын барлық жоқары оқыў орынларында да бирдей үлгили шөлкемлестирилмеген. Көпшилик колледж ҳәм техникумлар да, жоқары оқыў орынлары да жумыс бериўшилер талабы менен есапласпайды. Айырымларында сабақлық ҳәм әдебиятлар жетиспейди, бары да бүгинги талапларға жуўап бермейди.

Илим ҳәм инновацияларға жети жылда 6 триллион сумнан аслам пул ажыратылды. Бирақ илимде «қәрежет – излениў – өним» деген формула ислемей атырғаны атап өтилди.

Улыўма, айырым ректорларда баслама, умтылыў, пидайылық жетиспей атырғаны көрсетип өтилди. Сонлықтан, жоқары оқыў орны, илим ҳәм инновациялар бойынша жаңа министр сайланып, оның алдына профессионал ҳәм жоқары билимлендириўде өзгерис ислеў ўазыйпасы қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги