Илим ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги
Әл-Фарабий атындағы Қазақ миллий университети биология ҳәм биотехнология факультетиниң деканы, профессор, биология илиминиң докторы Мерўерт Қурманбаева 2023-жылы мәмлекетлик илими стипендияның ийеси болды, деп хабар бермекте Kazinform.
Илимпаз таңлаўға «Қазақстанның қубла ҳәм қубла-шығысында биокөптүрлилик пенен топырақтың қунарын сақлаўда көп жыллық бийдайды егиске енгизиў» илимий жойбарын усынған.
Жойбардың мақсети – экологиялық ҳәм экономикалық тәрептен пайдалы көп жыллық бийдайды егиў.
Жойбар жетекшисиниң айтыўынша, ҳәзирги ўақытта бир жыллық бийдай мол өним бергени менен топырақтың зыянланыўына алып келеди.
Сондай-ақ, егис мәўсиминде бир жыллық бийдайды еккен ўақытта жыл сайын көп шығын жумсалады.
Профессор Меруерт Қурманбаева усынған көп жыллық бийдай топырақты эрозияға ушыраўдан сақлайды.
Соның менен бирге жыл сайын жер сүриўге байланыслы егиў жумысларын талап етпейди.
«Қазақстанның миллий брендлериниң бири – бийдай. Көп жыллық бийдайды бир рет ғана егип, 5-6 жыл өним аламыз. Бул елимиз ушын оғада пайдалы. Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья жүзинде 40 тан аслам илимий орайлары көп жыллық өнимлерди изертлеў менен шуғылланады. Бизиң жойбарымыз Қазақстандағы көп жыллық бийдайға жүргизилген дәслепки изертлеў болып есапланады. Бүгинги күнде илимий жойбарымызды әмелге асырыўды режелестирип атырмыз. Көп жыллық дақылдың бир жыллық дақылдан артықмашылығы – оларда тамыр жүйеси жақсы раўажланған. Сондай-ақ, топырақтың сапасын жақсылаў, углеродтың сиңиўин арттырыў, суўды сиңириўде тәсири айрықша. Туқымынан бөлек, жер үсти бөлеги елимиздеги от-жем жетиспеўшилик мәселесине унамлы тәсирин тийгизетуғыны анық», – дейди илимпаз Меруерт Қурманбаева.
Ҳәзирги ўақытта ҚазМУ илимпазлары илимий жойбарға патент алған.
Бүгинги күнде коммерцияластырыў жумыслары жүргизилип атыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги