Мәмлекеттеги қурамалы сиясий жағдайға қарамастан, Аўғанстанныӊ миллий валютасы (афғаний) дүньядағы еӊ күшейген валюта деп табылды. Бул ҳаққында Британияныӊ The Telegraph баспасы мәлимлеме берди.
Атап өтилиўинше, быйыл афғаний курсы АҚШ долларына салыстырғанда 28 процентке өсип, 2018-жылдан берли еӊ жоқары дәрежеге жетти.
Бул көрсеткиш бойынша аўған валютасыныӊ еӊ жақын қарсыласы, Колумбия валютасын (песо, 13 процент) еки еседен көп артта қалдырды.
Еӊ нәтийжели валюталар үшлигине Албания валютасы (лек) да кирди. Ол 2023-жылдыӊ басынан берли долларға салыстырғанда 13 процентке беккемленди.
Баспа Аўғанстан валютасыныӊ күшейиўин гуманитарлық жәрдем ағымы даўам еттирилгени менен байланыстырмақта. Сондай-ақ, рәсмийлер тәрепинен сырт ел валютасы қолланылыўыныӊ қадаған етилиўи де аўған валютасына болған талаптыӊ артыўына алып келгени атап өтилмекте.
2021-жылдан Аўғанстанда АҚШ доллары ҳәм Пакистан рупиясы айланысыныӊ қадаған етип қойылғанлығын айтып өтиў керек.
The Telegraph баспасыныӊ мағлыўматларына бола, дүньяда еӊ күшсизленген валюталар үшлигине Аргентина (песо, -54 процент), Нигерия (найра, -44 процент) ҳәм Ангола (кванза, -39 процент) валютасы киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги