Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 4-август күни 2017-жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилген ири ҳәм үлкен әҳмийетке ийе инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жылдың жуўмағы бойынша күтилип атырылған нәтийжелер, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының Әндижан ўәлаяты ҳәм пайтахтымыздың Чиланзар районына сапарлары барысында белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўына арналған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, тийисли министрликлердиң, ведомстволардың, хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жергиликли ҳәкимликлердиң, министрликлердиң ҳәм ведомстволардың аймақлық структураларының, кәрханалардың басшылары, исбилерменлер ҳәм инвесторлар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы инвестициялардың муғдары жылдан-жылға өсип барыўын тәмийинлеў, жоқары қосымша қунлы, терең қайта исленген өнимлер ислеп шығаратуғын жаңа заманагөй кәрханаларды иске түсириў – елимиз экономикасының турақлы өсиўин тәмийинлеў, бәринен бурын, халықтың турмыс ҳәм абаданлық дәрежесин буннан былай да арттырыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири екенин атап өтти.

Президент жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң шөлкемлестирилгени экономикамызға инвестицияны тартыў мәселеси қай дәрежеде әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалардан бири екенин ашық-айдын көрсетип берди. Мәжилисте усы Агентликтиң жумысын ақылға уғрас шөлкемлестириў, бәринен бурын, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыўға барлық процесслердиң ашық-айдын болыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

2017-жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық, быйыл 552 жойбар шеңберинде 7,2 миллиард АҚШ долларын өзлестириў ҳәм 67 ири жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Соның ишинде, 2017-жылдың өзинде улыўма нырқы 2,4 миллиард долларға тең 170 жойбардың, соның ишинде, 16 ири жойбарды орынлаў жуўмақланады.

Белсенди инвестициялық сиясатты избе-из даўам еттириў нәтийжесинде өткен 7 айда 32 жойбарды әмелге асырыў жуўмақланды, жыл жуўмағына шекем және 138 жойбарды әмелге асырып, объектлерди иске түсириў бойынша барлық зәрүр илажлар белгиленди.

Президент Шавкат Мирзиёев елимиз көлеминде ҳәм орынларда айырым басшылар инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалаларды тез шешиўге ҳәм оларды кепилленген қаржы дәреклери менен тәмийинлеўге жүзеки, жуўапкершиликсиз қатнаста  болып атырғанлығына итибар қаратты.

Өткен 7 ай даўамында 27 жойбар бойынша қаржыларды өзлестириў режеден артта қалып атырғаны, 8 жойбар бойынша ҳүжжетлер елеге шекем тастыйықланбағанлығы сыяқлы сын көз-қарастағы мысаллар келтирилди.

Усы мүнәсибет пенен тармақлардың басшыларына ҳәм жойбарлардың баслаўшыларына бар машқалаларды жедел шешиў, төмен көрсеткиш жағдайларын сапластырыў илажларын көриў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.

Мәмлекетимиз басшысы айтып өткениндей, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған тийкарғы кемшиликлерге тийисли ҳүжжетлердиң пуқта ислеп шығылмағаны, көпшилик басшылар тийисли тармақлар менен салалардың келешеги ҳаққында белгили бир түсиникке ийе емеслиги, яғный өзи басқарып атырған тараўдың бир неше жылдан кейинги раўажланыў перспективасы туўралы анық есап-санақ жүргизбей атырғанлығы себеп болып атырғанлығын атап өтти.

Бас министрдиң орынбасарлары, министрликлер ҳәм ведомстволар, хожалық бирлеспелери ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң басшыларына инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша ҳәптелик қадағалаўды және де күшейтиў, анықланған машқалаларды сапластырыў ҳәм кемшиликке жол қойған жуўапкер шахслардың жумысын баҳалаў бойынша көрилип атырған анық илажлар ҳаққында ҳәр айдың жуўмағында есап берип барыў ўазыйпасы тапсырылды.

Және бир машқала соннан ибарат, инвестициялық жойбарлар бойынша объектлер иске түскени ҳаққында тийисли ҳүжжет қабыл етилгеннен кейин жаңа қуўатлықлар қай дәрежеде ислеп атырғанлығын талқылаў системасы жоқ. Соннан келип шыққан ҳалда, мәмлекетимиз басшысы Экономика министрлигине тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар  менен биргеликте иске түсирилген жаңа объектлердиң жумысын мониторинг етиў тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасын жүкледи.

Мәжилисте Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлигине ири хожалық бирлеспелери ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен бирге 2018-жылғы Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде тек ғана жойбарластырыў ҳүжжетлери таяр ҳәм нырқы кеминде 5 миллион долларға тең болған жойбарларды киргизиў, инвесторлардың бағдарламаға жойбар киргизиўин хошаметлеў ушын оларға салық жеңилликлерин ҳәм басқа да преференцияларды бериў бойынша анық усыныслар ислеп шығыў ушын тапсырмалар берилди.

Онда келеси жыл ушын Инвестициялық бағдарламаға тек ғана пуқта ислеп шығылған, жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таяр ҳәм қаржыландырыў дәреклери анық болған инвестициялық жойбарларды киргизиўге айрықша итибар бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң басшылығына сырт елли шериклер менен тең шериклик ҳәм өз-ара пайдалы принциплер тийкарында ислесиў ушын анық бағдарларды белгилеў, сондай-ақ, импорт шәртнамаларын системалы түрде және өз ўақтында көрип шығып, жуўмақ бериў бойынша айрықша тәртип-қағыйдалар ислеп шығыўды тезлетиў ўазыйпасы тапсырылды.

Өзбекистанның шет мәмлекетлер менен бирге ислесиўин раўажландырыў ушын дүзилген бир қатар ҳүметлераралық комиссиялардың жумысын және бир мәрте сын көз-қарастан талқылап, олардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының 2-3-июнь күнлери Әндижан ўәлаятына ҳәм 12-апрель күни Ташкент қаласының Чиланзар районына сапарлары нәтийжесине байланыслы рәсмийлестирилген билдириўлер ҳәм  қабыл етилген бағдарламаларда белгиленген тапсырмалардың орынланыў барысы да додаланды.

Өзбекистан Республикасы Президенти жанында усы билдириўлер менен бағдарламаларды әмелге асырыўдың ҳәзирги жағдайын басқышпа-басқыш көрип шығып, орынлаўшылардың есабын тыңлаў ҳәм баҳалаў бойынша жаңа қадағалаў системасы енгизилетуғыны атап өтилди.

Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарларына Әндижан ўәлаяты ҳәм Чиланзар районын, улыўма, барлық аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўын системалы түрде үйренип, бирде-бир машқалалы мәселе қалдырмаў бойынша анық көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Министрлер Кабинетиниң комплекслери, министрликлер, ведомстволар, компаниялар, аўқамлар және ҳәкимликлер басшыларының есаплары ҳәм усыныслары тыңланып, додаланды ҳәм инвестициялық жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў ҳәм машқалаларды шешиў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА