– Егер биз мийўе ағашын отырғызбақшы болсақ, дәслеп жерди аўдарып, қарық жарып, топырағын жумсартып, төгин төгип жердиң жақсы болыўын тәмийинлеп аламыз. Сонда ғана мийўе ағашы тутып, әсте раўажланыўды баслайды, – деди экономика илимлериниң докторы, академик Саидаҳрор Гулямов, – Тап сондай, балаларға билим бериўден алдын олардың бас мийин таярлап алыў керек. Бас мий берген билимлерди қабыл етип алыў ушын «ақыллы медицина» арқалы ондағы өзгерислер, қандай элементлердиң жетиспей атырғанын анықлап, соларды дүзетип, кейин билим бериў нәтийжели болады.
24-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында студентлер ҳәм магистрантлар менен ушырасыў өткерген академик С.Гулямов инновациялық экономикада «саламатластырылған ақыллы билимлендириў» ҳәм «ақыллы медицина»ның орны бойынша лекция сабағын өтти.
Академиктиң айтыўынша, данышпан келешек ийелерин тәрбиялаўда тек ғана билимлендириў системасы емес, медицина тараўының да әҳмийети жоқары.
– «Ақыллы билимлендириў» системасы ашық система болып, оның сапасына сыртқы факторлардың тәсири 50-60% тен артыўы мүмкин. Бунда «инновациялық шаңарақтағы устаз-шәкирт мектеби», «ақыллы медицина»да денсаўлықты жақсылаў ҳәм бас мий қәбилетин раўажландырыў усыллары, «ақыллы физикалық тәрбия», «инновациялық мәҳәлле», «инновациялық руўхыйлық», «инновациялық илим» ҳәм «ақыллы исбилерменлик» үлкен роль ойнайды, – деп айтып өтти С.Гулямов.
Соны айрықша айтып өтиў керек, академиктиң билдирген пикирлери ҳәм илимий жуўмақлары жасларда үлкен қызығыўшылықларды пайда етти. Академик бул усынысларды әмелге асырыўда жасларды белсендиликке шақырды.
Сондай-ақ, ушырасыўда студентлер және магистрантлардың илимий изертлеў жумысларында нелерге әҳмийет бериў кереклиги бойынша баҳалы пикир-усыныслар билдирилди.
Мағлыўмат ушын, бул ушырасыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, академиклердиң тийкарғы жумыслары бойынша илимий-инновациялық тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, заманагөй илим жетискенликлерин ғалабаластырыў шеңберинде әмелге асырылды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.