Индонезия ҳүкимети кеше «Мерапи» вулканы жарылыўы себепли Батыс Суматрадағы Минангкабау халықаралық аэропортын ўақтынша жапты. Бул ҳаққында «Abc news» басылымы хабар берди.
Индонезияныӊ Вулқантаныўшылық ҳәм геология қәўипин жумсартыў орайы (PVMBG) жергиликли медиа шөлкеминиң мағлыўматына бола, «Мерапи» усы айдыӊ өзинде екинши мәрте оянды.
Қурбанлар ямаса зыянланған инфраструктура бойынша ҳәзирше мәлимлеме жоқ. Тек рәсмийлер жергиликли халық ҳәм туристлерге аймақтан узақырақ турыўын усыныс еткен.
Декабрь айы басында дүньядағы еӊ белсенди вулканлардан бири есапланған «Мерапи» 23 адамныӊ қайтыс болыўына себепши болған, 50 альпинист тәбийғый апатшылық аймағынан қутқарылған еди.
Жер силкиниў ҳәм вулкан тез-тез болатуғын «Тыныш океаныныӊ отлы шеӊбери»не жайласқан Индонезия бойынша 130 ға шамалас белсенди вулкан бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги