Әзербайжан Арменияға 32 әскерий тутқынды қайтарды, деди Армения Бас министри Никол Пашинян.

«Армения Республикасының 2020-2023-жыллары тутқынға алынған отыз еки әскерий хызметкери ҳәм усы жылы Қарабақта тутқынға түскен және бир әскер еки мәмлекет шегарасынан өтип, ҳәзир Армения аймағында турыпты,-деп жазды Пашинян социаллық тармақтағы бетинде.

Оның айтыўынша, жаўынгерлер алдын медициналық тексериўден өтеди ҳәм соннан кейин ғана шаңарағына қайтады.

ӨзА