8-декабрь – Өзбекстан Республикасы
Конституциясы қабыл етилген күн
Орынларда 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен өткерилип атырған байрам илажлары даўам етпекте.
Беруний районындағы 1-санлы кәсип-өнер мектебинде өткерилген илажға Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутатлары Р.Юлдашева, М.Қодиров, «Халқ минбари» газетасы бас редакторы Л.Хожаниязова, Шайх Аббос Валий жомъе мешитиниң имам-хатиби А.Тагаев, ишки ислер бөлими хызметкерлери А.Матупаева ҳәм С.Бекбағамбетовалар қатнасты.
Байрам илажы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Баянатшылар тәрепинен Конституциямыз инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепили, Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм инсан мәпи ҳәмме нәрседен үстин екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, ең дәслеп инсан, кейин жәмийет ҳәм мәмлекет, деген идеяны Конституциямыз тийкарында нызамларымызға да, күнделикли турмысымызға да сиңдириўимиз зәрүр.
Илажда бүгинги күндеги сынақлар ҳәм қәўип-қәтерлерди жеңип өтиўге ылайық болған миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкарларын беккемлеў мақсетинде Конституциямыз жаңаланып, бир қанша өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги атап өтилип, олар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Илаж кәсип-өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.