Қытай, Дания, Франция ҳәм Нидерландияда балалар арасында Mycoplasma pneumoniae” бактериясы келтирип шығарған пневмония кең тарқалып атырғаны мәлим етилди. Кеселлик АҚШтың Огайо штатында да тез-тез күшейип атырғаны атап өтилди, деп хабар тарқатты “CNN”.
Телеканал Огайо штаты денсаўлықты сақлаў мәкемеси ўәкилиниң сөзлерин келтирген: Уоррен округинде балалар арасында кеселликтиң жағдайы әдеттегиден көп бақланбақта. Август айынан баслап 142 жағдайға дус келинген. Мағлыўматларға бола, бактерия ҳәр “бир яки үш жылда” ҳәўиж алыўы мүмкин.
Алдынырақ BFMTV телеканалы ҚХРдағы жағдай себепли Франция денсаўлықты сақлаў Бас дирекциясы медициналық шөлкемлерге мәмлекетте микоплазмалы пневмония әдеттегиден тез ғалаба ен жайып атырғанын билдирген.
Октябрьдин орталарында Қытай денсаўлықты сақлаў миллий комиссиясы мәмлекетте респираторлы кеселликлер көбейгени ҳаққында хабар берген. Ноябрьдиң ақырында болса бир қатар басылымлар Қытайдың арқасында балалар арасында бул иллет тарқалғанын жазды.
Пневмония келип шығыўына тийкарғы себеп микоплазма есапланады. Кеселлик күнделикли көриниске ийе болып, ҳәр 3-7 жылда күшейеди.
ӨзА