3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен орынларда қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Бундай илажлар елимизде ҳүкиметимиз тәрепинен алып барылып атырған күшли ҳәм мәнзилли социаллық қорғаў сиясатының айқын мысалы болып табылады.
Халықаралық майыплар күнине бағышланып ӨзЛиДеП Әмиўдәрья районлық Кеңеси, районлық Майыплар жәмийети ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими менен биргеликте 18 жастан 30 жасқа шекемги имканияты шекленген жаслар арасында ақыл ҳәм сананы шынықтырыўшы шахмат ҳәм шашка ойынлары шөлкемлестирилди.
Илажда партияның районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Ж.Ахмедов, Әмиўдәрья районлық Майыплар жәмийетиниң баслығы Н.Холбоева, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң бас қәнигеси С.Курабаевлар соңғы жылларда барлық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында да майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, олардың турмысын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атыфрған илажлар туўралы мағлыўматлар берди.
Майыплығы болған жәрдемге мүтәж инсанларды реабилитациялаў хызметлери менен толық қамтып алыў, қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, оларға социаллық жәрдем көрсетиў, материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетте өз орнын ийелеўине мүмкиншиликлер жаратыў бойынша республикамызда әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Илаж даўамында имканияты шекленген бир қатар балаларға естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги