Кегейли районындағы Мәлимлеме китапхана орайында да 1-декабрь – қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн байрамы алдынан китапқумар жаслар арасында «Мәртебең бәлент болсын ана тилим» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Онда Кегейли районы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси К.Жиемуратов, ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы Б.Искендеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Илажда Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң VII томлық китабының баспадан шығыўы тилимиздиң тазалығын сақлаўда, елимиз тарийхында жүдә үлкен әҳимийетке ийе ўақыялардың бир екенлиги атап өтилди.
VII томлық Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги китабы мәлимлеме китапхана орайына тапсырылды. Бул китапқумарлар ушын үлкен саўға болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги