ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң Жаслар менен ислеcиў бөлими тәрепинен райондағы Қыят мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жәмлеспеген жаслардың, усы жердеги Әбиў Райхан Беруний естелигине саяхаты шөлкемлестирилди.

Илаж уллы бабамыздың руўхына қуран оқыў менен басланды.

Илажда ӨзЛиДеП районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Р.Юлдашева, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы П.Раззакова, Қыят МПЖ ның Жаслар ислери агентлиги ўәкили Н.Хаткербаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, уллы ўатанласымыз, илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий жумыслары, оның әўладларға қалдырған бай илимий мийраслары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Әбиў Райхан Беруний 973-жылы әййемги Қат қаласында (ҳәзирги Беруний қаласы) туўылған. Ол орта әсирлер шығысының қомус ул-илими, астрономы, географы, этнографы, тарийхшысы, шайыры. Беруний қәлеминен илимниң түрли тараўларына тийисли көплеген ири дөретпелер жаратылған болып, усы дөретпелеринен оның бул тараўларды оғада жақсы билген изертлеўши, илимде жаңа жоллар ашқан ойшыл болғанлығын көриўимиз мүмкин. Уллы бабамыз 1048-жылы Газна қаласында қайтыс болған. Уллы илимпаздың атын мәңгилестирип, елимиздеги көплеген илимий орайлар, көшелер, қала ҳәм аўыллар мақтаныш пенен оның аты менен аталады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнги жаслар уллы бабамыз Әбиў Райхан Берунийдиң исин даўам етиўшилер болып, III Ренессанс дәўирин жаратыўға ылайық болған жаслар болып табылады.

Себеби, елимизде Президентимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, жасларымыз ушын жаратылған мүмкиншиликлер, шараятлар ҳеш бир мәмлекетте жоқ. Солай екен, жасларымыз миллий қәдриятларымызды улығлаған ҳалда, ўатанымызға садықлық пенен хызмет ететуғын, кеўилинде ўатансүйиўшилик сезими болған бәркамал әўладлар болып жетисиўи зәрүр.

Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги