1989-жылдың 1-декабринде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген еди. Мине бул сәнеге быйыл 34 жыл толмақта. Усы мүнәсибет пенен республикамыздың барлық аймақларында,  мәкеме ҳәм шөлкемлерде байрам кешелери өткерилмекте.

Нөкис қаласындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде де усы сәне мүнәсибети менен «Кеўилимди сайратқан ана тилимсең» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Онда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери,  Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими, тийисли тараў ўәкиллери, ветеран устазлар ҳәм мектеп жәмәәти  қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қыдырбай Нуратдинов,  Нөкис қаласы ҳәкиминиң мәмлекетлик тил мәселелери бойынша  мәсләҳәтшиси Бабур Абдримов,  мийнет ветераны,  Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим,  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Қалжан Қалбаева,  Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға оқытыў орайы методисти Диларам Айтмуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, тил – бул ең уллы қәдрият есапланады. Тилсиз – инсан ҳеш ким емес. Дүньяда ҳәр қыйлы тиллер бар. Инсан өмиринде тилдиң әҳмийети оғада үлкен. Тил менен өзимиздиң пикирлеримизди еркин билдире аламыз,  ойымыздағы предметти түсиндире аламыз. Ҳәр бир миллеттиң өзиниң ана тили болады. Бизиң ана тилимиз- қарақалпақ тили.

Өз ана тилиңди билгениң, оны ҳүрметлегениң, оған деген меҳириң түсиниледи. «Өзге тилдиң бәрин бил, өз тилиңди ҳүрметле». Шет тиллерин үйренип,  оларды толық меңгериў жақсы әлбетте,  бирақ өз ана тилиңди ең бириншилерден болып үйренесең. Адамзат туўылғаннан баслап өз ана тилинде сөйлей баслайды,  Ҳәмме нәрсени өз ана тилинде түсинип,  үйренеди, ҳәттеки, шет тиллерин үйрениўде де өз ана тилинен пайдаланады.

Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ҳәм мәденият орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов жақында ғана баспадан шыққан «Ўзбекистон қаҳрамонлари» китабының бирин мектеп жәмәәтине саўға етти.

Бул китапта  Өзбекстан қаҳарманларының өмири сөз етилген. Әсиресе,  «Өзбекстан халық муғаллими», «Меҳнат шухрати» ордени ийеси, «Өзбекстан қаҳарманы» атақларына ийе болған, усы мектепте көп жыллар даўамында инглис тили муғалими болып ислеген Алланияз Өтениязовтың да турмыс кеширмелери сөз етилген.

Усы мектепте оның қызы әкесиниң жолын даўам етип инглис тили пәнинен сабақ берген ҳәм ҳәзирги ўақытта напақада. Алланияз Өтениязов қанша имарат қурғанлығы ҳаққында исенимли мағлыўмат жоқ. Бирақ,  Өзбекстан Миллий Энциклопедиясында 40 турақ жай, 2 мектеп, 2 балалар бақшасы, 2 емлеўхана ҳәм бир китапхана имаратларын қурғанлығы ҳаққында сөз етилген.

Кеше мектеп оқыўшылары ҳәм устазлары тәрепинен таярланған сахналық көринислер,  миллий аяқ ойынлары менен көтериңки руўхта даўам етти.




Байрам мүнәсибети менен кеше қатнасыўшыларына естелик саўғалары тапсырылды.

 

Айгүль Абатниязова,

ҚМУдиң мәлимлеме хызмети бағдары 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги