Израиль Бас министри Биньямин Нетаньяху Газа секторының арқасына келип, Израиль әскерий хызметкерлери менен ушырасты. Бул ўақыяға тийисли видео көринисти ҳүкимет баспасөз хызмети көрсеткен.
– Ҳәрекетти ақырына шекем, жеңиске шекем даўам еттиремиз, деген Нетаньяху әскерлерге мүрәжат етип. – Бизлерди хеш ким тоқтата алмайды.
Усы баянаты менен ол енгизилген “гуманитар пауза”дан кейин Израиль регионға ҳүжимин даўам еттиретуғынын тастыйықлады.
ӨзА