21-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан менен Қубла Корея арасындағы дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў сондай-ақ, көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет жетекшилериниң быйыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында БМШ Бас ассамблеясының мәжилиси шеңберинде өткен ушырасыўында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Ҳәр қыйлы бирге ислесиў форматларында белсене қарым-қатнас ҳәм алмасыўларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жетекши компаниялардың кооперациялық жойбарларын жеделлестириў ҳәм Қубла Кореяның банк-қаржы институтлары менен жаңа шериклик бағдарламасын қәлиплестириўден мәпдарлық билдирилди.

Биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комитет мәжилисин  усы жылдың ақырына шекем өткериўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлери болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин де көрип шықты.

ӨзА