Сөйлесиўлер шама менен төрт саат даўам етти. Журналистлер менен сәўбетте Байден ушырасыўды «биз өткерген ең конструктивлик ҳәм нәтийжели додалаўлардан бири» деп атады.

Байден менен сөйлесиўлер ўақтында Си Цзиньпин «Қытайдың Тайван мәселесиндеги принципиал позициясын толық түсиндирип берди». Си Байденге Қытай Тайвань менен «тыныш жол менен бирлесиўди» абзал көриўин айтты, соның менен бирге «күш қолланылыўы»ның шәртлерин түсиндирип берди.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде АҚШ ҳәм Қытай әскерлери арасында тиккелей байланыс каналларын қайта жолға қойыў, фентанилдиң нызамсыз саўдасына қарсы биргеликте гүресиў, жасалма интеллект ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўге келисип алды.

The Guardianның атап өтиўинше бир жыл алдыңғы ушырасыў менен салыстырғанда, ҳәзирги сөйлесиўлер даўамында «көбирек өз-ара компромисске барған» ҳәм «президент Байден соққылар бермеген». Си Цзиньпинниң айтыўынша, Қытай АҚШтың бирге ислесиўшиси ҳәм досты болыўға таяр.

Еки мәмлекет басшыларының риторикасында сезилерли жайма-шуўақлық бақланғанына қарамастан, ВВС ҳәзирги ўақытта АҚШ ҳәм Қытай арасында қатнасықлар сезилерли дәрежеде жақсыланыўына үмит етиў реал емес, деп есапламақта. Тийкарғысы, олардың жаманласпаўы болып есапланады. Си Қытай ишиндеги абырайын жақсылаў нийетинде, АҚШ болса халықаралық кескинлик ошақларын өшириўди гөзлемекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги