Резидент емес физикалық  тәреплердиӊ сырт ел валютасындағы қаржыларын республика аймағында нызам жолы менен табылғанын тастыйықлаўшы  басқа хүжжетлер тийкарында банк кассасына қабыл етиў мүмкин екенлигин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилмекте.

Өзбекстанда  валюта операцияларын әмелге асырыў   қағыйдаларында  өзгерис хәм қосымшалар киргизиў хаққындағы  Орайлық банк басқарыўында нызам жойбары жәрияланды.

Қарар жойбарында Өзбекстанда резидентлер хәм резидент емеслер тәрепинен валюта операцияларын әмелге асырыў хаққындағы  нызамларын әпиўайыластырыў  хәм айырым түсиниклерге және анықлық  киргизиў  менен байланыслы  айырым редакциялық хәм техникалық өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

  

 Улбоған Бекимбетова ҚМУ студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги