Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлериниӊ разведка хызметлери жыл даўамында 69 теракттыӊ алдын алып, 73 жасырын террор уясы жумысына шек қойды. Бул ҳаққында Регионаллық антитеррор структурасы атқарыў комитетиниӊ директоры Руслан Мирзаев мәлим етти.
Сийшемби күни Ташкентте ШБШ РАТС тыӊ “Исеним, бирге ислесиў ҳәм профессионаллық қәўипсиз келешек гиреўи” темасындағы тоғызыншы илимий-әмелий конференциясы ашылды.
– Сегизинши конференциядан кейинги дәўир даўамында мәканымызда ағза мәмлекетлер ўәкилликли кеӊселери бирге ислесиўи ҳәм өзара мағлыўмат алмасыў бойынша нәтийжели муўапықластырылған жумыс нәтийжесинде терроршы шөлкемлериниӊ 73 жасырын бөлимлери жумысына шек қойылды, 69 терроршылық ҳәрекетиниӊ алды алынды, – деди Мирзаев әнжуманда. – Өткен ўақыт ишинде халықаралық террор структураларыныӊ 507 қатнасыўшысы ҳәм шериги де анықланды. Олардыӊ 447си қолға алынды, 182 адам зыянсызландырылды, 54 жынаятшы судланды.
ӨзА