Каспий теңизиниң Түркменстан аймағындағы жағасында қуўатлылығы 1574 МВт болған электр станциясын қурыў режелестирилген. Бул ҳаққында «Нейтрал Түркменстан» баспасы хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, жаңа станцияны қурыўдан мақсет жергиликли тутыныўшыларды электр энергиясы менен исенимли ҳәм үзликсиз тәмийинлеў, электр энергиясы экспорты көлемин арттырыўға қаратылған. Комбинацияланған электр станциясы Түркияның «Çalik Enerji» компаниясы тәрепинен қурылады. Қурылыс 2023-жылдың ноябрь айында басланады ҳәм 2027-жылдың май айында жуўмақланыўы режелестирилген.
Еслетип өтемиз, Түркменстан президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркия президенти Ражаб Тоййиб Эрдўғон арасында өткен ҳәптеде болып өткен өз-ара келисимлерде түркмен электр энергиясын Түркияға жеткерип бериў имканиятлары талқыланды.
Түркменстан Министрлер Кабинетиниң басылымы – «Нейтрал Түркменстан» газетасына бола, 2023-жылдың биринши ярымында мәмлекетте электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 6,7 процентке, экспорт көлеми болса 7,7 процентке көбейген.
Түркменстан Аўғанстан, Иран, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанға электр энергиясын экспорт етип келеди. Келешекте Өзбекстан ҳәм Иран арқалы электр энергиясын үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги