Бүгин, 26-октябрь күни Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми басшылары кеңесиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Ҳиндстан сыртқы ислер министри Субраманям Жайшанкар, Иран вице-президенти Мухаммед Мухбир, Қазақстан Бас министри Алихан Смаилов, Қытай Мәмлекетлик кеңеси Бас министри Ли Цян, Қырғызстан Бас министри Ақылбек Жапаров, Пакистан сыртқы ислер министри Жалил Аббос Жилоний, Россия ҳүкиметиниң баслығы Михаил Мишустин, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзада, Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм ШБШ бас хаткери Чжан Мин ҳәм Шөлкемниң Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыўшы комитетиниң директоры Руслан Мирзаев қатнасты.
Бақлаўшы мәмлекет ўәкили ҳәм ҳүрметли мийман сыпатында әнжуманда Беларусь Бас министри Роман Головченко, Монголия Бас министри Лувсаннамсрайн Оюун-Эрдене, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Хожамират Гелдимирадов ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының Бас хаткери Сергей Лебедев, Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясы баслығы Михаил Мясникович қатнасты.
«Ала-Арча» мәмекетлик резиденциясында мийманларды дәслеп Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров қабыллады.
Буннан соң ҳүкимет басшыларының кеңейтилген қурамдағы мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Қырғыз Республикасы Бас министри Ақылбек Жапаров ашты.
Күн тәртибине муўапық, әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық мәселелер бойынша пикир алысылды, көп тәреплемели, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды.
Ҳәзирги күнде көплеген мәмлекетлер жаңа қәўип-қәтерлер ақыбетин бастан өткермекте. Бундай қыйын шараятта турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықларымыздың турмыс дәрежесин жоқарылатыўға қаратылған өз-ара пайдалы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ШБШның тийкарғы ўазыйпасы екенине итибар берилди.
Быйыл июнь айында Дели саммитиниң жуўмақлары бойынша көплеген келисимлерге ерисилди. Шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Дели саммитинде шығып сөйлеген сөзинде ШБШ үлкен экономикалық имканиятлар аймағы, барлық мәмлекетлердиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўы ушын платформа ҳәм ресурс базасы екенин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, өткен жылдың жуўмағына бола, Өзбекстанның ШБШ мәмлекетлери менен сыртқы саўда айлынысы 22 процентке артқан.
Тек ғана усы жылдың басынан берли республикамызда ағза мәмлекетлер компанияларының қатнасыўында мыңнан аслам жаңа кәрхана шөлкемлестирилди ҳәм бул бағдардағы улыўма муғдары 8 мыңға жетти.
Мәмлекетимиз басшысы Дели саммитинде Шөлкемниң үлкен имканиятынан үнемли пайдаланыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойған еди.
Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде усы басламаларды әмелге асырыў мақсетинде улыўма ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырды.
Бул басламалар ШБШ шеңберинде саўда, инвестиция, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, инновация, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризм, экология, аймақлараралық бирге ислесиў, жаслар сиясаты, спорт ҳәм басқа да бағдарлар бойынша өз-ара пайдалы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Илаж жуўмағында ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкимет басшылары Биргеликте коммюнике қабыллады ҳәм Шөлкемниң жумысына тийисли 13 ҳүжжетке қол қойды.
ШБШ ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси 2024-жылы Пакистанда болып өтеди.
ӨзА