“H5N1” қус гриппиниӊ қәўипли штаммы музлы континент – Aнтарктидадағы  қусларға да жетип барыпты.

“The Guardian” басылымыныӊ жазыўына қарағанда, илимпазлар Британияға қараслы атаў қусларында “H5N1” вирусын анықлаған.

Музлы континентте биринши мәрте табылған зыянкес Антарктиданыӊ бай ҳайўанат дүньясына сезилерли дәрежеде унамсыз тәсир көрсетиў итималы бар. Британияныӊ Антарктида изертлеў институты изертлеўшиси Эшли Беннисонныӊ айтыўына қарағанда, атаўдағы қуслардан алынған үлги “H5N1”ге қарағанда унамлы нәтийже берген.

– Бул жүдә аянышлы жағдай, – дейди Беннисон. – Бизлер атаўдағы қанатлы досларымызды илажы барынша бақлаўда даўам етемиз. Ҳәзирше вирустыӊ толық тәсири бойынша исенимимиз кәмил емес.

Aнтарктика изертлеў комитети тәрепинен регионда қус гриппи тәсири бойынша таярланған қәўипли баҳалаў есабатында, пингвин, сондай-ақ, терили мөр, теӊиз жолбарысы, скуа ҳәм чайка қәўип астында екенлиги анықланған.

Есабат авторларынан бири, доктор Меган Дюардиӊ пикиринше, вирус тарқалыўы музлы континенттиӊ ҳайўанат дүньясы ушын қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

ӨзА