АҚШтыӊ Калифорния университетиниӊ илимпазлары жасалма интеллект жәрдеминде наўқасларда аўырыў дәрежесин анықлаў системасын ислеп шықты. Жаӊа технология хирургиялық операциялардыӊ сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем береди,- деп мәлимлеме береди xs.uz
Инновациялық система жасалма ақылдыӊ еки өзгеше функциясына сүйенеди. Бириншиси — камералар жәрдеминде наўқастыӊ жүз ҳәм дене ҳәрекетлерин визуаллық түрде бақлаў имканиятын береди. Екиншиси — аўырыўды баҳалаў ушын алынған мағлыўматларды анализ етеди.
Оныӊ ушын изертлеўлер барысында “ақыллы технология” моделине инсанлардыӊ бет көриниси сәўлеленген 143 мыӊ 293 көринис киргизилди. Әне усы процессте ҳәр бир бет көринисине бола, наўқас қандай ҳәм қай дәрежеде аўырыў сезип атырғаны түсиндирмесине системаға жүкленеди.
Ислеп шығылған бул алгоритмнен пайдаланып, жасалма интеллекттиӊ ҳақыйқый инсанлар басынан өткерген аўырыў дәрежесин 88 процент анықлық пенен баҳалаўға ерискен.
Ҳәзир жаӊа технология қосымша сынақтан өткерилмекте. Изертлеўшилердиӊ пикиринше, келешекте емлеўханалардыӊ палаталарына бул технологияларды орнатыў арқалы операциядан кейинги медициналық жәрдем дәрежесин арттырыў мүмкин.
Қалаберди, жаӊа инновациялық система шыпакерлерге наўқасты бақлаў ушын хирургиялық әмелиятынан алжаспаў имканиятые береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги