Қазақстан ҳүкимети Қытай менен биргеликте жақын үш жыл ишинде 1,3 мың километр жаңа темир жол қурыўды режелестирмекте, деди Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Пекинде «Бир мәкан, бир жол» басламасы үшинши халықаралық бирге ислесиў форумында шығып сөйлеп. «Қазақстан ҳәм Қытай халықларымыздың түпкиликли мәпи, дослық ҳәм мәңги стратегиялық шериклик руўхынан келип шығып, «Бир мәкан, бир жол» жоқары мақсетлерин және де алға қойыў жолында беккем садық болып есапланады.
^ш жыл ишинде 1,3 мың километр жол қурыў, Қытай шегарасында үшинши темир жол өткериў пунктин ашыў, сондай-ақ, жаңа қурғақлық портларын қурыў режелестирилмекте»,-деди Тоқаев. Булардың барлығы Қазақстанның ири экономикалық жойбарларын дүнья базары менен байланыстырыў бойынша реал жойбарлар екени атап өтилди.
Қазақстан Президентиниң сөзлерине бола, жойбар шеңберинде товар алмасыў көлемин және де арттырыў ушын биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр. «Биз тариф сиясатын үйлестирип, инвестициялық бирге ислесиў ушын қолайлы шараят жаратыўымыз керек. «Санлы жипек жолы» басламасы шеңбериндеги шериклик, негизинде, жаңа глобал жойбар болып, кең имканиятлар ашады. Санлы ҳәм интеллектуаллық бирге ислесиўдиң жаңа модели экономикаларымыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосады,-деди Қазақстан басшысы.
ӨзА