Ғазо секторындағы «Ал-Аҳли» емлеўханасына шөлкемлестирилген ҳаўа ҳүжими ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны ҳаққындағы хабарды терең қайғырыў менен қабылладық.

Бул қорқынышлы зорлық ҳәрекетин кескин қаралаймыз ҳәм оны халықаралық гуманитарлық ҳуқықтың қопал бузылыўы деп есаплаймыз.

Қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең кеўил билдирген ҳалда, келиспеўшилик тәреплерин жедел түрде әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыўға ҳәм оқ атыўдан тыйылыўға шақырамыз.

ӨзА